Добавил:
Опубликованный материал нарушает ваши авторские права? Сообщите нам.
Вуз: Предмет: Файл:
Лекция МБ(кк).doc
Скачиваний:
0
Добавлен:
10.01.2024
Размер:
320 Кб
Скачать

7.6. Өзгертиў сораўлары

Өзгертиў сораўларының бир неше түрлери бар. Ең әпиўайы ҳәм түсиниклиси таблицаны дүзиў сораўы. Урылған топарлардың орташа санын есаплаў мысалын аламыз.

1. Дүзиўши жуўмағы таблицасында командалар бойынша нәтийжелик майданшасын киритиў керек болсын. Әлбетте, ал ҳәр бир команданың орташа өткерген топарларының санын есаплап майданшаға қолдан киритиў мүмкин. Таблица ушын бул шешим қолайлы емес.

2. Аңсат таңлаў сораўы дүзип базалық таблицаның барлық майданшаларына плюс жаңа есапланатуғын майданшалар киритиў керек.

3. Көринис түймесин шерткенде сораў ислейди дейик ҳәм нәтийжели таблица дүзеди. Енди нәтийжелиге тең жаңа базалы таблицаны дүзиў командасын бериў мүмкин.

4. Бул команда сораў менюсинде болады да, тек конструктор режиминде кириўге болады.

5. Мағлыўматларды жаңалаў сораўын, жазыўды қосыў ҳәм жазыўды алып таслаўларды дүзиў ушын сол менюде командалар қатнасады.

Олардың барлығы өзгертиў сораўына қатнасы бар ҳәм нәтийжели таблицаның мағлыўматлары менен сәйкесликте базалық таблицаны өзгерте отырып ислейди.

§ 8. Формаларды дүзиў

Мағлыўматларды киритиў ушын керекли майданға ийе болған электрон бланкасы форма деп аталады. Форманы дүзиў МБ айнасының Форма бөлиминде Создать түймесин шертиў менен басланады ҳәм экранда диалог айнасы пайда болады(11-сүўрет).

Экранда пайда болған диалог айнасында жаңа форма дүзиўдиң бир қатар усыллары усыныс етиледи:

Конструктор - еркин түрде жаңа форма дүзиў.

Мастер форм (форманың устасы) - таңланған майданлар тийкарында автоматикалық түрде формалар дүзиў.

Автоформа: ленточная (ленталы форма)- майданларды автомат түрде ленталы жайластырылған формалар дүзиў.

Автоформа: табличная (таблицалы форма) - майданшаларды автомат түрде таблицалар көринисинде дүзиў.

Диаграмма - диаграммалар көринисинде формалар дүзиў.

Жәмлеўши таблица-EXCEL таблицасы менен салыстырыў усылынан пайдаланып формалар дүзиў.

8.1. Автоформалар

Формаларды дүзиў ушын оны дүзетуғын усыллардан бирин таңлап алынғанан кейин диалог айнасының төменги бөлегинде форма дүзиўши таблица ямаса сораў аты көрсетиледи. Форма тийкарынан басқарыў элементлеринен турып, оның сыртқы көриниси сол басқарыў элементлерин режели жайластырылыўына байланыслы болатуғыны мәлим. Соның ушын форманы автомат түрде дүзиў (автофарма жәрдеминде) мақсетке сай келеди. Автоформаларды дүзиў төмендегише болады:

1. Автоформаларды дүзиў ушын мағлыўматлар базасының диалогли айнадағы формалардың (Формы) қосымша бетин ашыў керек ҳәм Дүзиў (Создать) түймени шертсек , жаңа форманың (Новая форма)айнасы ашылады.

2. Диалогли айнадағы жаңа форма ушын мағлыўматлар дереги ретинде қандайда бир таблицаны ямаса сораўды таңлайды, буннан кейин автоформаны автоформалар түрлери (таблицалы, ленталы ямаса бағанадағы) таңлаў дизиминде еки рет шертип дүзеди.

(Мастер жәрдеминде форманы дүзиў )

3. Мастер жәрдеминде форма(Мастера формы) төрт этаптан дүзиледи: мағлыўматларды формаға киритиў ушын майданша таңланады:

-форманың сыртқы көринисин таңлаў (төртеўинен биреўи):

-форма сүўретиниң фонын таңлаў (оннан биреўи):

-форманың атының берилиўи.

4. Таяр форманы бар жазыў көриў ушын ямаса жаңасын киритиў ушын пайдаланамыз.

Соседние файлы в предмете [НЕСОРТИРОВАННОЕ]