Добавил:
Опубликованный материал нарушает ваши авторские права? Сообщите нам.
Вуз: Предмет: Файл:
Лекция МБ(кк).doc
Скачиваний:
0
Добавлен:
10.01.2024
Размер:
320 Кб
Скачать

§ 6. Таблицалар арасындағы байланысты дүзиў

6.1. Байланысқан таблицалар

Жоқарыда көрип өткен мысалларымызды әпиўайы мағлыўматлар базасы мағлыўматлар базасы деп қараў мүмкин, ал ҳақыйқатында бул база емес тек таблицалар. Егер информация әпиўайы структурада сақланса, оның менен жумыс ислеўге айрықша мағлыўматлар базасын басқарыў системасын пайдаланбаса да болады. Әлемде қурамалы струтуралар менен жумыс исленеди ҳәм олардан көп байланысқан таблицаларды дүзиў мүмкин.

Компьютер ойынлары бар компакт дисклерде прокатқа бериўши киши кәрхана жумысын қарайық. Оның ушын ким қайсы дискти алады, қашан қайтарады? Складта қанша диск қалды? Буларды билиў ушын кәрханаға мағлыўматлар базасы зәрүр. Егер барлық мағлыўматларды бир таблицада сақласақ онда таблица жумыс ислеўге қолайсыз болады. Буны қолайлы қылыў ушын бир неше таблицаларды пайдаланамыз.

Биреўинде барлық паспорт мағлыўматлары менен бирге клиентлер ҳаққында мағлыўматлар сақланады. Басқасында дискти бергени, қашан әкелетуғыны ҳаққында мағлыўматлар болады, ал үшиншисинде складта қалған дисклер ҳаққында мағлыўматлар болады. Буннан кейин таблицаның бөлек майданшасы басқа таблицпларды байланыстырады. Егер Прокат таблицадан белгили НВП клиент Д001 дискти алса онда мағлыўматлар базасын басқарыў системасы клиент таблицалан ал адамның барлық паспорт мағлыўсатларын табады, ал Склад таблицада диск ҳаққында барлық мағлыўматлар көрсетиледи.

Егер мағлыўматлар ҳәр қыйлы жазыўларды қайталаўды басласа, онда база жаман структураға ийе болады. Егер таблицалар арасында байланыс берилген болса, онда ҳәр түрли таблицалар менен бир мақсеттеги мағлыўматлар базасында жумыс ислегендей боламыз.

6.2. Қайталанбайтуғын ҳәм гилтли майданшалар

Мағлыўматлар базасын дүзиў барқулла оның таблицаларының структураларын дүзиўден басланады. Структура база менен ислегенде мағлыўматлардың оған барынша азын киритиў керек. Егер қандайда бир мағлыўматларды бир неше мәрте киритиў керек болса, онда база бир байланысқан таблицадан турады. Ҳәр бир таблицаның структурасы өз алдына исленеди. Соның ушын таюлицалар арасында байланыс исенимли жумыс ислейди ҳәм бир таблицадан жазба мәнисте табыў мүмкин болыў ушын таблицада сийрекли майданшаны қараў керек.

Қайталанбайтуғын майданша деп мәнислери қайталанбайтуғын майданшаға айтылады. Егер прокат таблицадан клиент Ниетбаев алған дискин қайтарыў кешиктирилсе, онда ол жәрийма төлеўи тийис. Бирақ клиент таблицада бир неше Ниетбаев бар болыўы мүмкин ҳәм оны компьютер парықламайды, олардан қайсысы жәрийма төлеўи керк екенин. Бул фамилия майданшасының қайталанбайтуғын майданша емес екенин билдиреди.

Телефонның номери майданшасы қайталанбайтуғын майданша болыўы мүмкин, бирақ телефоннан бир неше ҳәр қыйлы адамлар пайдаланыўы мүмкин. Егер таблицада ҳеш майданша қайталанбайтуғын майданша болмаса, онда оны жасалма түрде дүзиў мүмкин. Бизиң мысалымызда фирманың клиенти тиаблицасында фамилияның дәслепки үш ҳәрипи ҳәм телефон номериниң кейинги еки цифры арқалы шифр майданшасы дүзилди. Оны таблицалар арасындағы байланыс ушын қолланылады. Шифр майданшасы қайталанбайтуғын майданшадай көринеди, бирақ майданшадағы жазба қайталанса, компьютер хабар береди. Бундай майданша ушын гилтли майданша түсинигин пайдаланады. Таблицаның структурасын дүзиўде бир майданшаны (ямаса майданшалар комбинациясын) гилтли деп атайды. Гилтли майданшалар менен компьютер айрықша жумыс ислейди. Ол оны қайталанбайтуғын майданша екенин тексереди ҳәм усындай майданшаларда таңлаўды орынлайды. Гилтли майданша байланыс дүзиў ушын қолайлы. Айырым жағдайда гилтли майданшаны биринши гилт деп те атайды.

Егер автор таблицаны дүзиўде майданшаны бермесе, онда мағлыўматлар базасын басқарыў системасы таблицада биринши гилтти бериў иркиниш бермейди деп әлпайымлық пенен ескертеди.

Таблицада биринши гилт ретинде есаплаўшы (счетчик) түрине ийе майданша қолланылады. Усындай майданшада еки бирдей мәнисти киритиў болмайды, себеби майданшаның мәнисиниң артыўы автомат түрде орынланылады.

Таблицалар арасындағы байланыслардың структурасы мағлыўматлар схемасы деп аталады.

6.3 Таблицалар арасындағы байланысты дүзиў

Мағлыўматлар базасын басқарыў системасының тийкарғы жетискенлиги таблица менен ислесиў емес, ал байланысқан таблицалар топары менен жумыс ислеў. ACCES SX МББС да таблицалар арасындағы байланысты дүзиў ушын мағлыўматлар схемасы деген айрықша диалоглы айна бар.

1 . Мағлыўматлар схемасының айнасын ьир аттағы әсбаплар панелиндеги түймени шертиў ашады ямаса мағлыўматлар схемасындағы сервис командасы менен ашады.

2. Егер базада алдын таблицалар арсында байланыс болмаған болса, онда мағлыўматлар схемасы айнасы ашылыўынан бирден таблицаны Қосыў (Добавление) айнасы ашылады ҳәм оның менен керекли таблицаны таңлап таблица аралық байланыс структурасына киритиў ушын таңланады.

3. Егер таблицалар арасында байланыс берилген болса, онда мағлыўматлар схемасында жаңа таблица киритиў ушын мышьтың оң түймесин мағлыўматлар схемасында шертемиз ҳәм керекли менюде таблицаны Қосыў (Добавить) бөлимшесин таңлаймыз.

4. Мағлыўматлар схемасында барлық таблицаларды киритиў, оларды байланыстырып, таблтцалар майданшалары арасында байланысты дүзиўге кирисиў керек.

5. Майданшалар арасында байланыс бир таблицадан басқасына таблица атын тасыў жолы менен өткереди.

6. Тасыўдан кейин Байланыс (связь) диалогы айнасы ашылады, онда байланысты дүзиўши қәсийет бериледи.

7. Мағлыўматлардың пүтинлигиниң шәртин Тәмийинлеўши (обеспечение условия) жолаўшаны киритиў бир таблицадан жазбалардың жоқ болыўын қорғайды, онда олар менен байланысқан басқа таблицалар байланыссыз қалады. Пүтинлик шәрти бар болыўы ушын тийкарғы таблицаның майданшасы гилти болыўы керек ҳәм еки майданшада бирдей түрге ийе болыўы керек.

8. Байланысқан майданшаларды каскадлы жаңалаў жалаўшасы ҳәм байланысқан майданшаларды каскадлы алып таслаў бас таблицада оларды өзгертиў барлық бағынатуғын таблицаларда бир ўақытта жаңалайды ямаса алып таслайды. Егер клиент Жолдасова турмысқа шығып ҳәм фамилиясын Жаңабаеваға өзгертсе, онда клиентлер таблицаларында тек Фамилия майданшасына өзгертиў киритиледи. Басқа таблицаларда өзгериў автомат түрде жүз береди.

Мағлыўматлар схемасының диалоглы айнасы таблицалар арасындағы байланыслы көргизбели сәўлелендиреди. Байланысты үзиў ушын тышқаншаның оң түймесин байланыс сызығында шертиў керек ҳәм конпекстли менюдеги Алып таслаў (удалить) командасын қолланамыз.

Соседние файлы в предмете [НЕСОРТИРОВАННОЕ]