Добавил:
Опубликованный материал нарушает ваши авторские права? Сообщите нам.
Вуз: Предмет: Файл:
Лекция МБ(кк).doc
Скачиваний:
0
Добавлен:
10.01.2024
Размер:
320 Кб
Скачать

§ 7. Сораўларды дүзиў

МБ ға кириў ушын Запрос (сораў) дан пайдаланылады. Бул процесс МБ айнасының Запрос (сораў) бөлиминде жаратыў түймесин шертиў менен басланады ҳәм экранда диалог айнасы пайда болып, онда МБ ға кириў ушын Запрос (сораў) дүзиўдиң бир қатар усылларын усыныс етеди.

Конструктор - жаңа сораўлар дүзиў .

Простой запрос (әпиўайы сораў)-анық майданшаларды таңлап алыў жолы менен сораў дүзиў.

Перекрестный запрос (кесилискен сораў) - МБ да бар болған бир нешше таблица ҳәм сораўларды алжастырмастан жаңа сораўлар жаратыў.

Повторяющиеся записи (тәкирарланыўшы жазыўлар)-таблицада ямаса сораўларда тәкирарланыўшы жазыўларды излеп табыў ушын сораўлар дүзиў.

Записи без подчиненных (бойсыныўшы жазыўлары болмаған)-ағымдағы таблицаға сәйкес келмейтуғын жазыўларды излеп табыў ушын сораўлар дүзиў.

Атап айтқанда, Запрос (сораў) жәрдеминде тийкарғы МБ дан нәтийжели таблицаны жаратыў ҳәм оны қайта ислеў мүмкиншилиги пайда болады. Запрос (сораў) менен ислегенде мағлыўматларды саралаў (фильтрден өткизиў), жыйнаў, ажратыў ҳәм өзгерттириў мүмкин. Бирақ бул әмел ҳәр ўақытта орынлағанда, тийкарғы МБ да ҳеш қандай өзгерис болмайды. Буннан тысқары, Запрос (сораў) жәрдеминде нәтийжелерди есаплаў, орта арифметикалық мәнисти табыў, қосынды пайда етиў ямаса бир майданша үстинде математикалық әмеллерди орынлаў мүмкин.

7.1. Мағлыўматлар базасында ажратыў ушын сораў

Запрос (сораў) пайда етиўдиң түрлери көп. Бирақ ең көп қолланатуғын Запрос на «выборку» (таңлаўды жаратыўшы сораў). Access де Запрос (сораў) ды бериўдиң үш усылы болады: автоматикалық түрде, қолда ҳәм уста (мастер) жәрдеминде.

З апрос (сораў) жаратыў ушын айрықша SQL тили бар, бирақ бул тилде ислеў бир қанша қурамалы, соның ушын Access де айрықша Үлгили сораў бланкасы дүзилген. Бунда Запрос (сораў) элементлерин айналар аралық тасыў арқалы әмелге асырыў мүмкин. МБ да Запрос (сораў) менен кириў Создать (дүзиў )түймесин шертиў менен әмелге асырылады. Оның диалог айнасы Новый запрос (жаңа сораў) деп аталады. Онда Конструктор тәртибинде ис жүритиледи. Сонда МБ дүзилмесинен керекли таблица ҳәм оның майданшалары Запрос (сораў) бойынша таңланады. Таблица таңлаў Добавление таблиц (таблица қосыў) диалог айнасы пайда болады. Бунда МБ дағы барлық таблицалар дизими бар. Ажратылған таблицалар бланкасының жоқарғы бөлегине Добавить (қосыў) түймесин шертиў менен әмелге асырылады.

7.2. Үлгили сораў бланкасын толтырыў

Үлгили бланка еки панелден турады. Жоқарғы бөлегинде Запрос (сораў)ға тийкарланған таблицалар дизими дүзилген. Төменги бөлегинде болса Запрос (сораў) дүзилмеси бойынша дүзилетуғын нәтийжели таблица өз сәўлелениўин тапқан. Бланканың майданша жазылатуғын бетинде таблицадан керекли майданша атлары ажратылып өткизиледи. Таблица аты керекли қатарға майданшаларды көшириў процессинде автоматикалық түрде жазылады (9-сүўрет).

Сортировка (саралаў) деген қатарда мышь түймеси басылса, бир майдандағы мағлыўматлар сараланады. Запрос (сораў) бланкада Условия отбора (таңлаў шәрти) қатары бар болып, онда нәтийжели таблицаны қанаатландыратуғын шәрт жайласқан болады. Запрос (сораў) Вид (көринис) түймесин шертиў менен нәтийжели таблица пайда болады. Нәтийжели таблицадан шығыў ушын Вид (көринис) түймесин және бир мәрте шертиў керек.

Соседние файлы в предмете [НЕСОРТИРОВАННОЕ]