Добавил:
Опубликованный материал нарушает ваши авторские права? Сообщите нам.
Вуз: Предмет: Файл:
Лекция МБ(кк).doc
Скачиваний:
0
Добавлен:
10.01.2024
Размер:
320 Кб
Скачать

10.2. Select буйрығы

Бул бөлимде пайдаланыўшының таблицалар менен ислеў усыллары қолланылады. Select буйрығы SQL тилиниң тийкарғы буйрықларынан бири есапланылады. Бул буйрық мағлыўматлар қатары үстинде барлық әмеллерди тәмийнлейди. Төменде Select буйрығының тийкарғы мүмкиншиликлерин қараймыз:

а) Барлық мағлыўматларды көриў.

Select *from mical;

(*) белги mical таблицасының барлық бағаналарын таңлаў кереклигин билдиреди.

Бул нәтийжени Select буйрығынан кейин барлық бағаналар атын бериўменен алса болады.

Select Name, Dob, Pol, Los, Dept, Salary, Telno, From mical;

Нәтийжеде экранда берилген таблицаның ҳәмме бағаналары пайда болады.

б) Бағаналарды таңлап шақырыў.

Бағаналарды айырып шақырыў ушын Select буйрығында бағана атлары көрсетилиўи керек:

Select Name, Dept, From mical;

Нәтийжеде Name ҳәм Dept бғаналарынан туратуғын таблицалар алынады.

в) Қатарды таңлап көриў:

Мағлыўматлар менен ислегенде, көбинше таблицадан тек анық бир қатарды көриў керек болған жағдайлар ушырап турады.

Бундай жағдайда Select буйрығының улыўма көриниси төмендегише болады.

Select-бағаналар аты;

From-таблицалар аты;

Where-қатар таңлаў шәрти;

Мысалы: Жоқарыдағы таблицадағы барлық хызметкерлер, жумусшыларды таңлаў ушын төмендеги буйрықты бериў керек.

Select Name, Dept

From mical

Where Dept=’Sales’

Нәтийжеде экранда төмендегидер пайда болады:

Name Dept

Baxit c Sales

Baxtiyar A Sales

г) Салыстырыў операторларының қолланылыўы;

Салыстырыў шәрти таңланғанда қолланылыўы мүмкин болған 7 ең әпиўайы салыстырыў белгилери бар.

Булар:

-тең емес. <-берилгеннен киши.

>-үлкен. -берилгеннен киши емес.

<>-тең емес. >=-үлкен яки тең.

-берилгеннен үлкен емес. <=-киши яки тең.

Мысалы: Mical таблицасынан 19.10.1969. дан кейин туўылғанлардың дизимин шығарсын.

Select Name, Dob

From mical

Where Dob>19.10.1969.

буйрығы нәтийжесинде экранда төмендегише есабат пайда болады.

Name Dob

Berdax N. 25.08.1979.

Baxtiyar A 01.02.1975.

Genjebay. G 12.12.1970.

Жоқарыда берилген салыстырыў операторларынан басқа, төмендеги операторларды қолланыў мүмкин:

1) Between..and 3) Like

2) is null 4) in

Between операторы анық бир аралықты ажыратыў ушын арналған.

Мысал:

Select Name, Salary

From mical

Whe Salary between 50000 and 100000.

Бул мысал mical таблицада айлығы 50000-100000 аралығында болған хызметкерлердиң дизимин береди:

Name Salary

Barliqbay P. 50000

Saylawbay Q. 65000

Sarsenbay A. 100000

Orazbay B. 70000

SQL тили NOT BETWEEN биригиўин қолланады

Мысалы: Select Name, Salary from mical Where Salary not between 29000 and 35000

Бул буйрықтың ислўи нәтийжесинде экранда айлығы 29000-35000 аралығында басқа болған хазметкерлердиң дизими пайда болады.

10.3. Is null операторы

Бул оператор мағлыўматы жоқ болған қатарларды таңлаў мүмкиншилигин береди.

Мысалы: Mical таблицадан телефоны жоқ болған хызметкерлердиң дизимин таңлаў: Select Name, Salary from mical Where Telno. Is null

Нәтийжеде төмендеги таблицаға ийе боламыз.

Name Telno

Cagalatdin T.

Berdax N.

Like операторы

Like операторы қатарлы өзгериўшилерди салыстырыўды тәмийинлейди. Компьютер қатарлы өзгериўшилерди шаблон бойынша салыстырады. Бул жағдайда шаблоннан кейин A  A белгиси турады, өзгериўшиниң өзи қаўсырма ишине жазылады.

Мысалы Mical таблицадағы Name бағанадағы аты ADO A дан басланыўшы хызметкердиң аты экранға шығарылсын.

Select Name from mical

Where Name Like “ RA  A

Нәтийжеде экранда төмендеги нәтийже пайда болады.

Name

Rawaj F.

Бул оператор қатарлы үлкенликлерин айырым ҳәриплери анық болғанда таңлаўды тәмийинлейди.

Мысалы, Select Name from mical

Where Name Like “ -AХ  A

“ – Aасты сызылған белги АХ дан алдын ҳәр қанша муғдар болыў мүмкиншилигин билдиреди.

Нәтийжеде төмендеги пайда болады:

Name

Shayaxmet B.

Berdax N.

Baxit C.

Baxtiyar A.

In операторы

Ол таңлаў тийкарында басқа мағлыўматларға сәйкес болған мағлыўматларды жыйнаўға мүмкиншилик береди.

Мысалы: Select Name Dept from mical

Where Name Dept in ( ‘ admin ‘ account’)

Берилген буйрық тийкарында компьютер M8cal таблицадан административлик бөлимде ҳәм бухгалтерияда ислейтуғын хызметлердиң дизимин келтиреди :

Соседние файлы в предмете [НЕСОРТИРОВАННОЕ]