Добавил:
Опубликованный материал нарушает ваши авторские права? Сообщите нам.
Вуз: Предмет: Файл:
Лекция МБ(кк).doc
Скачиваний:
0
Добавлен:
10.01.2024
Размер:
320 Кб
Скачать

2.3. Тармақлы мағлыўматлар базасы.

Тармақта система иерархиялық системаға қарағанда көп қолайлықларға ийе, сонлықтан бул системада мағлыўмат (файл)лар ортасында көп бағытлы байланысларды орнатыў мүмкин. Бундай байланыслар пайдаланыўшыға керекли мағлыўмат (файл) ды иерархияның жоқары басқышларындағы файлларға мирәт қылмастан табыў мүмкиншилигин береди. Мысалы, дүкәндағы өнимлер таблицасы менен өнимлер баҳасының таблицасы менен өнимлер баҳасының таблицалары арасында айрым байланыслар орнатылып, ол керекли өним баҳасын табыў мүмкиншилигин береди.

Бир тараўдағы мағлыўматтың басқа тараўдағы мағлыўмат пенен еки ямаса оннанда көп байланысатуғын түрине мағлыўматлардың тармақлы модели делинеди.

Мағлыўматлардың тармақлы системасын жаратыў ҳәм оннан пайдаланыў ушын жаратылған системаға тармақлы МББС делинеди.

§ 3. Мағлыўматлар базасын басқарыў системалары

МБ ны дүзиў, оларға қосымша мағлыўматларды киритиў ҳәм бар МБ дан пайдаланыў ушын айрықша МБ лар менен ислейтуғын программалар зәрүр болады. Бундай программалар жыйындысы мағлыўматлар базасын басқарыў системалары (МББС) деп айтылады. Анықлап айттқанда, МББС-бул көп пайдаланыўшылар тәрепинен МБ-ын жаратыў, оған қосымша мағлыўматларды киритиў ҳәм МБ ны биргеликте ислетиў ушын зәрүр болған программалар жыйындысы болады. МББС ның тийкарғы қурамының бир-бөлеги-мағлыўматлар болса, басқа бөлеги-пайдаланыўшылар болады. Булардан басқа Hardware‑техникалық ҳәм Software-программалық тәмийинлеў МББС ның нәтийжели ислеўин тәмийнлеўши қурамының бөлеклери болады. Hardware сыртқы қосымша қурылмадан турса, программа бөлеги болса МБ менен пайдаланыўшы арасындағы диалогты әмелге асырады. МБның дүзилиси үйренилетуғын объекттиң мағлыўматларының көриниси, мәниси, дүзилиси ҳәм көлемине байланыслы болады.

Әдетте, пайдаланыўшылар төмендеги, категорияларға бөлинеди:

  • пайдаланыўшы-программа дүзиўши;

  • системалы программа дүзиўши;

  • мағлыўматлар базасы администраторы.

Бунда программа дүзген пайдаланыўшы МББС ушын жазған программаға жуўап береди, системалы программа дүзиўши болса пүтин системаның ислеўи ушын жуўапкер есапланады. МБ администраторы системаның сақланыў жағдайына ҳәм исенимлилигине жуўап береди.

3.1. Мағлыўматлар базасын басқарыў системаларының архитектурасы

МББС айырым алынған төмендеги модуллерден турады:

МБны басқарыў блоги-дисклердеги мағлыўматлар менен пайдаланыўшы программасы ҳәм системаның сораўы (guery) арасындағы интерфейсти анықлайды;

Файл менеджери-мағлыўматлар дүзилмеси менен дисклер ортасындағы байланысты басқарады.

Guery процессор-англичан тилинде жазылған; guery гәплерин МБ ның басқарыў блоги түсинетуғын тилге өткизеди;

Прекомпилятор ДМL (Data Maniplation Lanquaqe) -мағлыўматлар менен манипуляция ететуғын тил болып, ол төмендеги әмеллерди орынлайды:

  • МБдан мағлыўматларды ажратыпа алыў;

  • МБға мағлыўматларды киритиў;

  • МБдан мағлыўматларды алып таслаў;

  • МБны модификация (өзгериўлер) етиў;

 Компилятор DDL (Data Definiton Lanquaqe) МБ тилин, оның дүзилисин ҳәм сыртқы ядтағы информация түрин анықлайды. МБның дүзилиси таблица көринисинде болады.

Барлық МББСлар реляцмялық моделлер тийкарында дүзиледи. Усыны есапқа алған Microsoft Office корпорациясы МБлар менен ислеўге арналған Microsoft Access программасын жаратты. Бул программа қураллары ыхтыярый областьтағы жоқары дәрежедеги профессиональ ҳүжжетлер таярлаў мүмкиншилигин береди, соның менен бирге Visual Basic for Application программалаcтырыў орталығында макрослар жаратып, пайдаланыўшыға ҳәр тәреплеме жетилискен ҳүжжетлер таярлаўға жәрдем береди.

Соседние файлы в предмете [НЕСОРТИРОВАННОЕ]