Добавил:
Опубликованный материал нарушает ваши авторские права? Сообщите нам.
Вуз: Предмет: Файл:
Лекция МБ(кк).doc
Скачиваний:
0
Добавлен:
10.01.2024
Размер:
320 Кб
Скачать

7.3. Параметрли сораўлар.

Көпшилик жағдайларда пайдаланыўшыларға мағлыўматлар базасының таблицасынан керекли мағлыўматларды таңлаў керек болады. Бул ушын параметрли сораўлар деген сораўдың айрықша түри бар.

1. Мәйли, мағлыўматлар мағлыўматлар базасында таблица бар болсын, онда футбол бойынша жер жүзлик ойынлардың барлық нәтийжелери турсын. Бизиң мәселемиз: сораў дүзиў, оның жәрдеминде пайдаланыўшы қайсы жылы ямаса таңланған команда биринши орынды алды.

2. Бул мақсет ушын SQL тилиниң LIKE[...] айрықша командасы хызмет етеди. Квадарт скобкаға қәлеген текстти жазыўға болады. Мысалы, LIKE[мәмлекетлердиң атын киритиң].

3. LIKE командасы таңлаў болып атырған майданшаның таңлаў щәрти қатарына жайласады. Бизиң жағдайғымызда бул бағана биринши орынды алған сайланды командалар.

4. Сораў берилгеннен кейин диалоглы айна ашылады, онда пайдаланыўшыға параметрди киритиў усыныс етиледи.

5. Егер параметрдиң мәнисине Бразилия сөзи киритилсе, онда нәтийжели таблица шығады, ондағы жазыўлар Бразилия сайланды командасынан турады.

6. Егер параметр мәнисине Италия сөзи киритилсе, ондағы жазыўларда биринши орында Италия сайланды командасы болады.

7.4. Cораўларды есаплаў.

Нәтийжели таблицада басқа майданшалар бойынша есаплаўдың нәтийжелери жазылатуғын майданша есаплаў машинасы делинеди. Бунжа майданша аты орнына есаплаў формуласы ҳәм квадрат қаўсырма жазылады. Усы процессти квадратураның Shift+F2 түймеси басыў менен орынлаў мүмкин.

Бунда жәрдемши область ввода (киритиў областы) диалог айнасы ашылып, онда узын формулаларды киритиў мүмкиншилиги ашылады. Айрым есаплаў майданшаны саралаў майданшасына өзгертиў мүмкин. Есаплайтуғын Запрос (сораў) үлгили сораў бланкасында өз сәўлелениўин табады. Бунда майданша аты орнына формула жазылады. Формулаға квадрат қаўсырма ишинде есаплайтуғын майданша аты киритиледи. Бирақ тар майданшаға узын формулаларды киритип болмайды. Ол жағдайда Shift+F2 ни бассақ, жәрдемши диалог айнасы пайда болады ҳәм қәлеген узынлықтағы формулаларды киритиў мүмкиншилиги пайда болады.

Өзгертириў сораўларының бир неше түрлери бар:

-таблица дүзиў сораўы;

-таблица қурамындағы мағлыўматларды жаңалаў сораўы;

-жазыўларды киритиў сораўы;

-жазыўларды алып таслаў сораўы;

Буның ушын Запрос (сораў) менюиндеги Cоздать (дүзиў) буйрығы менен конструктор тәртибинде ис жүритиледи.

7.5. Жуўмақлаўшы сораўларды дүзиў технологиясы

Сораўлар таблицада керекли информацияны алады, жаңа есаплаўшы майданша дүзиў ушын қайта ислейди ҳәм жуўмақлаўшы есаплаўшыны жүргизеди. Жуўмақлаўшы есаплаўшыға қандай да бир жазбалар топарындағы барлық мәнислердиң қосындысы хызмет етеди. Қосынды ҳәм орташа мәнистен басқаша жуўмақлаўшы функциялар бар. Жуўмақлаўшы функция бир жазыў ушын мәниске ийе емес, ол тек жазбалар топарынан бар болады ҳәм қайтадан жазыў ушын қандай да бир белгиси бойынша топарға алыў керек.

Жуўмақлаўшы сораўларды дүзиў төмендешиге анықланады:

1. Автомобиль сататуғын салонның жумысын қарайық. Одан ҳәр қыйлы белгилери бойынша ажыратыў мүмкин. ВАЗ ды бир бөлек КАМАЗ ды бир бөлек ямаса шыққан жыллары бойынша (2000,2001 ҳ.т.б.) жазыўлар топарларға бөлинеди. Ҳәр бир топар ушын Баҳа майданшасы бойынша жуўмақлаўшы есаплаў жөргизиў мүмкин.

2. Жуўмақлаўшы сораў өлги бойынша сораў бланкасы тийкарында дүзиледи. Тек сонда ғана онда топарға алыў (группировка) қосымша қатары болады.

3. Бланктағы бул қатарға киритиў ушын ACCESS 9X программадағы әсбаплар панелиндеги топарлар әмелиндеги түймесине шертиў керек. буннан кейин бәри әпиўайыласады.

4. Тап сол майданшада топарға алыў, жүргиздириў бойынша топарға алыў функциясын орнатыў (ямаса қалдырыў) керек.

5. Тап сол майданшада жуўмақлаўшы есаплаў жөргизиў тийис бойынша топарға алыў қатарында дизимди ашыў ҳәм бир неше жуўмақлаўшы функциялардан бирин таңлаў керек.

6. Көринис (Вид) түймесин шертсек сораўда ҳәм жуўмақлаўшы мағлыўматлары менен нәтийжели таблицаны шығарыўды жибереди.

7. Топарға алыў қатарында бир жуўмақлаўшы функцияны көрсетиў мүмкин, максимал мәнисти табыў керек болса, не қыламыз Ў Шешим әпиўайы : гә биреўи, гә сол майданшаны бир неше мәрте үлги бойынша сораў бланкасына киритиў мүмкин.

Соседние файлы в предмете [НЕСОРТИРОВАННОЕ]