Добавил:
Опубликованный материал нарушает ваши авторские права? Сообщите нам.
Вуз: Предмет: Файл:

Referat / нуржамал

.doc
Скачиваний:
0
Добавлен:
27.11.2023
Размер:
86.53 Кб
Скачать

Кирисиў.

Бүгинги күн жәмийети әсте ақырынлық пенен электрон бизнестен мобилликке өтип атыр.Егерде электрон технологиялар мағлыўматтың толықлығын ҳәм оларға менен биригиўди тәмийинлесе, Мобил технологиялардың ең биринши нәўбеттеги мәселеси,мағлыўматты өзўақтында тәмийинлеў ҳәм оның релевантлығы.Мобил технологиялар актив раўажланбақта.Буның тийкарында үш тенденцияны көрсетиў мүмкин.Бириншиден,пайдаланыўшылар арасында кеңнен таралған Мобил телефонларға есаплаў мүмкиншилиги қосылып барылмақта (смартфонлар), сонлықтан бул телефонлар тек сөйлесиў ушын емес ал онша үлкен болмаған компьютер сыпатында да пайдаланыў мүмкиншилигин береди.Екиншиден, компьютерлердиң миниатюризация имканиятының кеңейиўи есабынан қалтада алып жүриўге қолайлы компьютерлердиң пайда болыўы нәтийжесинде,олардағы программаларды пайдаланыўшылар автоном режимде қолланады.Үшиншиден сымсыз тармақлар технологиясының раўажланыў барысы жеделлесип бунда, локал ҳәм глобал тармақ байланыслары арқалы стационар ҳәм қалтада алып жүриў ушын қолайластырылған компьютерлер арасында мағлыўмат алмасыў технологиясы.

Мобил қурылмалар менен сымсыз технология байланысларының бундай дәрежеде өсиўи, олардан пайдаланыўшылар шеңберин кеңейтип,олардың имканиятынан қәлеген орында пайдаланыў мүмкиншилиги жаратылады.Бундай процесслер арқалы информацион сервис қәлеген пайдаланыўшыға қәлеген ўақытта жеткерилиўи мүмкин.

Бүгинги күнде функционаллық имканияты кеңейтилген қурылмалар яғный смартфонлар менен коммуникаторлар, тек коммуникация мақсетинде емес,ал кәсиплик мәселелерди шешиўде ҳәм кеўил ашар имканиятлар ретинде де пайдаланылып атыр.

Мобил қурылма типии ҳәм қолланыў сферасына бола, ҳәр қыйлы қолланбалар шығарылмақта.Мысалы, әпиуайы телефон мүмкиншиликлери SMS жөнелтиўлер арқалы нәтийжели кери байланысты тәмийинлейди.Ал смартфонларға бағдарланған қолланбалар, корпоратив тармақлардың Мобил клиентлери ретинде қатнасыўы мүмкин. Сонлықтан да Мобил қолланбаларға талап күннен күнге артпақта,ал Мобил қурылмалар функционаллығы сол арқалы кеңеймекте.Сонлықтанда Мобил қурылмалар ушын арналған қолланбаларды ислеп шығыў информацион технологияның әҳмийетли бағдары болып ҳәрекетленеди.

Мобил қолланбалар ҳәм технологиялар.

Мобил қурылмалар цифрлы ямаса сымсыз технологиялар арқалы локал ҳәм глобал тармақларға жалғаныўды тәмийинлеўши компакт қурылмалар болып табылады.

Бүгинги күнде пайдаланыўшылар мәселсин шешиў ушын арналған Мобил қурылмалардың кең спектри усынылған.Олар тийкарынан әпиуайы телефонлар менен смартфон коммуникаторларда пайдаланылады.

Мобил қурылмалар классифифкациясы.

МЕҚ түрлерине бола олардың бир неше категориялары бар:

- соталық телефонлар.

- пейджерлер

- смартфонлар

- қалтада алып жүриў ушын қолайластырылған ПК

- коммуникаторлар.

Соталық телефонлар, портатив қурылма болып, тийкарғы хызмети сота тармағы арқалы даўыс байланыс хызметин усыныў.Соталық телефонлар әмелий программалар ушын арналмаған, операцион система менен басқарылады.

Бүгинги күнде сота телефонлары сымсыз қурылмалар болып, олар тийкарынан Мобил қурылмалар базарында қолланылады.Көпшилик имканиятлар ишинде даўыс байланыслары кеңнен пайдаланылады, бирақ мағлыўматларды узатыўдың сымсыз протоколы есабынан ҳәм текстлик хабарлардың алмасыў мүмкиншилиги тийкарында мағлыўматларды узатыў ҳәм қайта ислеў бойынша басқа қолланбаларда шыға баслады.

Әдетте бундай телефон өлшеми бойынша үлкен болмаған, мағлыўматларды киритиў ушын арналған 12-кнопкалы клавиатура типинде шығарылған.Бундай шеклеўлер есабынан сота телефонлары веб-излеў мүмкиншилигине ийе емес, себеби экранға қабылланатуғын ямаса узатылатуғын мағлыўматлар алмасыўы, жүдә шекленген.Соталық телефонлардың тийкарғы артықмашылығы олардан кеңнен қолланыў мүмкиншилиги,яғный пайдаланыўшылар ушын арналған конкрет қолланбаларды ислеп шығарыў мүмкин. Мысалы, бундай қолланбалар: акция котировкаларын көриў, трафик ҳаққындағы есабатлар, билет сатып алыў ямаса жаңалықларды оқыў.Бул қолланбалардың барлығында мағлыўматлардың шекленген қурамы бекитилген болып, егерде сиз корпоратив қолланбаны енгизиўди қәлесеңиз, мысалы, сатыўды жеделлестириў ямаса хызмет көрсетиў автоматизациясы, оның ушын күшли қурылма зәрүр.

Соталық телефонларда сымсыз модемлер орнатылған болып, олар арқалы сымсыз тармақларға аңсат жалғаныў мүмкин.Пайдаланыўшы жалғанғаннан соң, модем даўыс байланысы ҳәм қолланба ретинде пайдаланылады, ямаса WAP арқалы сымсыз телефон байланысы бойынша, бир ўақыттың өзинде мағлыўматларды ҳәм даўыс байланысларын узатыў мүмкншилигине ийе.Соның менен бирге соталық телефонлар текстли хабарларды алмасыў мүмкиншилигине де ийе.Бундай хабарлар узынлығы, 160 символдан артпағанлықтан, бул қурылмалардың киритиў мүмкиншилиги жеткиликли.Басқа тәрептен алып қарайтуғын болсақ, телефон батареяларының узақ ўақыт даўамында пайдаланыў мүмкиншилиги артықмашылық сыпатындағы тағы бир имканияты.Соталық телефонлардың шекленген қуўатлылығы, аккумулятор зарядын үнемлеўди тәмийинлейди, ҳәм буле сап бойынша оларды узақ ўақыт пайдаланыў мүмкин.

Пейджерлер.Пайдаланыўшылар арасында қысқа текстли хабарларды алмасыў мүмкиншилигин тәмийинлейди.Әдетте бул қолланбалар өндириўшилер тәрепинен жүкленип, модернизацияланбайды.Бул қурылмалар мағлыўматларды узатыўда жүдә әҳмийетли бирағ ири қолланбаларға онша туўра келмейди.Бул қолланбалар жеке операцион системалар базасында ислейди.

Бул қурылмаларда бирнеше микробраузерлер бар болып,олар тийкарынан компания тәрепинен усынылып, сымсыз жалғаныўды тәмийинлейди.Бундай браузерлер WAP тийкарланып тил разметкасы ретинде WML ден пайдаланылады.Бул қурылмалар мағлыўматларды киритиў қуралына ийе болғанлықтан, олар мағлыўматларды топлаў ушын арналған,сымсыз қолланбаларды байланыстырыў имканиятына ийе.

Пейджерлердиң қолайлы функцияларынан бири,бул олардың барқулла сымсыз тармаққа жалғаныў мүмкиншилигинде. Пайдаланыўшылар, қолланбаға доступты алыў ушын сымсыз тармаққа шәртли түрде жалғаныўы шәрт емес. Олар мағлыўматларды зәрүрлиги бойынша узатыў мүмкиншилигине қарап, қолланбаны пайдаланыўлары мүмкин.Қурылмалар пакетлер коммутациясын анық мағлыўматлар узатылыўында пайдаланады.Бундай өзгешелик электрон почта ҳәм басқа хабарларды алыўда талап етиледи, соның менен бирге сымсыз Интернет-қолланбаларды пайдаланыўда зәрүр.Бундай қурылмалар тармаққа барқама жалғанғанлықтан, батареялар ҳәпте даўамында зарядланған ҳалда ислеўи мүмкин.

Әпиуайы смартфонлар.Бул қурылмалар локал қолланбаларды жалғаў ҳәм қоңыраўларды әмелге асырыў ушын арналған.Веб-телефон сыяқлы бул даўыс қурылмасы даўыс байланысының мүмкиншилиги тийкарында ислейди.Сақлаў көлеми, қайта ислеў қуўатлылығы ҳәм көринис өлшемлериниң мүмкиншиликлери шекленген.Олар формасы ҳәм дисплей өлшеми бойынша веб-қурылмаларға ийе, бирақ қолланбалардың локал тәртипте ислеўин әмелге асырады.

Пайдаланыўшы, конфигурацияны кеңейтпестен ақ, оны қолланыў мүмкин.Соның менен бирге қурылма, онша үлкен болмаған процессорға ҳәм киши яд көлемине ийе болғанлықтан, олар бир заряд аккумуляторында бир неше күн ислеўи мүмкин.

Қурылма мүмкиншилиги пайдаланыўшы тәрепинен қосымша қолланбаларды жүклеў арқалы кеңейеди.Бул қурылмалар ушын қолланбаларды жаратыўда тийкарынан Java 2 Micro Edition (J2ME) платформасы қолланылады. Сонлықтан J2ME платформасы тийкарында көплеген мүмкиншиликлер тәмийинленеди.

Бүгинги күнде HTC, Nokia, Sony Ericsson, ҳәм Motorola компаниялары корпоратив базарға бағдарланған қурылмаларды яғный кәспий смартфонларды жаратпақта.Бундай қолланбалар даўыс байланысы менен бирге интеллектуал клиент қолланбалар ушында қолланылады.

Әдетте олар флиптоп механизми тийкарында ислейди,олар жабық ҳалатында үлкен сота телефоны сыпатында көринеди ҳәм онша болмаған экранға ҳәм 12-белгидеги клавиатураға ийе. Ашық ҳалаттағы өлшеми 640×200 ден 320×240 шекем.Бул қурылма процессорлары локал қолланбаларды жалғаў ҳәм сымсыз Интернет-қолланбаларда пайдаланылады.Қурылма браузери реңли графикада бериледи ҳәм WML ямаса HTML тийкарында мультимедианы қолланыў мүмкин.

Смартфонлар, пейджер ҳәм сота телефонлары сыяқлы бир неше күн бир заряд аккумуляторында ислейди.Бүгинги күнде смартфонлардың соңғы модели қолайлы яд көлемине ийе, толық операцион системаны усынады.Смартфонларда кеңнен тарқалған операцион системалар булар-Android, Symbian OS, Palm OS, Pocket PC Phone Edition ҳәм Windows Mobile 7.

Қалтада алып жүриў ушын арналған ПК. Бул портатив қурылмаға операцион система орнатылып, ол әмелий программаларды орнатыў ҳәм орынлаў мүмкиншилигин тәмийинлейди.

Бул қурылма Мобил қурылмалар базарында тийкарғы орында турады.Бул қурылма пайдаланыўшыға сенсорлы киритиў мүмкиншилигин тәмийинлейди.Ол реңли VGA экранға ийе болып өлшеми 320х240. Бул қурылма бир ўақыттың өзинед жалғанады ҳәм өшириледи.Оны қолланбастан алдын қайта жүкленбейди.Көпшилик соңғы моделлерде сымсыз модемлер орнатылған.Модемлер орнатпасына ийе болмаған қурылма, слотқа ийе ҳәм ол арқалы сымсыз модем жалғанады.

Бул сегментте кеңнен тарқалған қурылма Palm ҳәм Pocket PC.Бүгинги күнде корпоратив пайдаланыўшылар ушын қолайластырылған Pocket PC қурылмасы мүмкиншиликлери артыррылып барылмақта. Palm-қурылмалар монохром ҳәм реңли түрлерде усынылады оларды алып жүриў жүдә қолайлы,салмағы 225 грамм муғдарында.

Palm-қурылмалар формасы бойынша қолайлы болғаны менен олардың мағлыўматларды сақлаўы ҳәм өнимдарлығы белгиленген дәрежелерге жуўап бермейди. Көпшилик Palm-қурылмалар яд көлеми менен процессор өлшеми 8 ден 32 мегабайт муғдарындағы операцион системаға тийкарланады ҳәм 33 МГц өлшемде ислейди.

Pocket PC базасындағы көпшилик қурылмалар 32 МБ тан 64 МБ өлшемдеги оператив яды 400 МГц жийиликте ислейди.Қосымша есаплаў қуўатлылығы , Windows CE операцион системасын жалғаў ушын арналып ол Palm ОС күшлирек.Жоқары қуўатлылықтың кемшилиги соннан ибарат яғный ол аккумулятор энергиясын қолланыўға кери тәсир етеди. Palm-қурылмалар бир зарядлы батареяда бир неше күн ислеўи мүмкин,ал Pocket PC әдетте ҳәр күни зарядланыўы керек.Бул қурылмалар дәслебинде цифрлы жәрдемши ретинде шығарылып тийкарынан интерфейсинде календарь, контактлер дизими ҳәм жумыслар дизими қолланбаларын қамтыған.Ал мультимедиалық мүмкиншиликлерди Pocket PC қурылмасы иске асырады.Бул қурылмада Microsoft Word ҳәм Excel мүмкиншиликлерин қолланыўға болады.

Бул қурылмалардың тутыныў ҳәм корпоратив усыныларын айырып билиў ушын оның еки суббренди усынылған: Tungsten ҳәм Zire

Palm өниминиң Tungsten семействосы кәрханалар ушын арналған. Булар қурамалы ИТ мәселелерин шешиўде аппаратлық қуўатлылық пенен программалық мүмкиншиликлерди бирлестиреди. Palm өниминиң Zire семействосы тутыныў базары ушын арналып ол конструкциялық қолланыўшылығы бойынша әпиуайы болған төмен баҳадағы қурылма.

Сымсыз байланыс ҳаққында сөз болғанда, көпшилик КПК ушын модем қосымша компонент сыпатында талап етиледи. Әдетте бул кеңейтпели слот арқалы ерисиледи.Модемди қолланыў қосымша баҳаны пайда етип, КПК қурамалылығын арттырады. Көпшилик жағдайларда мағлыўматлар узатылыўы керек болғанда, пайдаланыўшылар сымсыз тармаққа жалғанып, узатыў тамаланғанда олар үзилиске түсириледи. Демек, олар барқама тармаққа жалғанып турмайды,себеби бундай қурылмаларда мағлыўматлар запуски жүдә қурамалы.

Сымсыз тармақларға қолда жалғаныў комплексли сымсыз қурылмалар солар ишинде Palm i705 түри арқалы өзгертилип барылмақта.Бул қурылма мағлыўматларға аңсат байланысыўы ушын орнатылған модемлерде усынылады.

Бүгинги күнде соталық телефонлар әмелий программалардың орынланыўында тәмийинлемекте.Ал смартфонлар менен коммуникаторларда функционаллық мүмкиншиликлер дерлик шекленбеген. Мысалы, Андроид платформасында соталық телефонның программалық модулин алмастырыўда мүмкин.

Коммуникаторлар- Windows Mobile операцион система басқарыўындағы қурылма.Смартфонлар- қосымша қолланба мүмкиншиликлерин тәмийинлеўши операцион системаға ийе телефонлар. Смартфонлардың классикалық түри бул Symbian OS операцион система басқарыўында ислейди.

1.1 сүў. Мобил қурылмаларда бул категориялардың қандай қатнаста байланысыўы көрсетилген.

Коммуникаторлар менен смартфонлардың тийкарғы өзгешелиги, мағлыўматларды киритиў принциплери бойынша айырылады.КПК лар ҳәм коммуникаторлар ушын мағлыўматларды киритиўдиң стандарт қуралы бул сенсорлы экран болып табылады. Смартфонларда сенсор экран қолланылмайды, ал клавиатура ар3алы киритиў тийкарғы қурал ретинде қолланылады.

1.1 сүў. Мобил қурылмалар категориясы.

Бул телефонлардың дүнья жүзи бойынша белгили болыўының тийкарғы себеби, олар платформасында сенсорлы киритиў мүмкиншилиги ендирилген.

1.2. Мобил қурылмалардың техникалық характеристикалары.

1.2.1. Мобил қурылмалар қурамы.

Әдетте Мобил қурылма қурамын «форма-фактор» деп атайды. Форма-фактор мағлыўматларды киритиў ҳәм шығарыў ушын арналған элементлер жыйындысы. Мысал ретинде 1.2 ҳәм 1.3 сүў берилген Treo 600 коммуникаторының элементлерин көрип өтемиз.

1. статус индикаторы.

2. коммуникатор динамиги.

3. реңли экран

4. жуўап түймеси.

5. төрт позициялы навигация түймеси.

6. коммуникаторды қосыў/өшириў түймеси, сөйлесиўдиң тамамланыўы.

7. телефон функцияларына доступты тәмийинлеўши түйме.

8. стандарт қолланбаны жалғаў түймеси (календарь)

9. хабар қолланбасын қосыў түймеси.

Соседние файлы в папке Referat