Добавил:
Опубликованный материал нарушает ваши авторские права? Сообщите нам.
Вуз: Предмет: Файл:
Referat / зияда++.doc
Скачиваний:
1
Добавлен:
27.11.2023
Размер:
744.96 Кб
Скачать

Personal Profile бағдары.

Personal бағдарының спецификациясы Java Community тәрепинен ислеп шығарылып, оның ақырғы нәтийжеси JSR-62 модели. Personal бағдары AWT диң толық орталығын тәмийинлейди. Олардың тийкарғы мақсети, Web-аплетлер ушын сәйкес келиўши платформаларды тәмийинлеў болып табылады. тағыда Personal Java қолланбалары ушын J2SE ди аўыстырыўшы усылды усынады.

Версияның Personal бағдары 1.0 версияның Foundation бағдарын енгизиўди талап етеди. Бул 1.0 версиясының Personal Basis Profile бағдар топламы. Бирақ Personal бағдары 1.3.1 версияның J2SE платформасының группа бөлими болғанлықтан ,ол Personal бағдарында жаратылған, қолланбаларға 1.3.1 версияның J2SE менен сәйкеслигин төменнен жоқары бағыты бойынша тәмийинлейди.

Төмендеги таблицада 1.0 версиясының Personal бағдарына киритилген,пакетлер қурамы көрсетилген.

2.4 Таблица

Personal бағдарының пакетлери

Personal бағдарының пакетлери

Көрсетпеси

java.applet

Апплетлерди жаратыў ушын зәрүр болған ҳәм апплетлер тәрепинен қолланылатуғын класслар

java.awt

Программаның пайдаланыў интерфейсин жаратыў ушын қолланылатуғын AWT класслары

java.awt.data transfer

Қолланбада ҳәм қолланба тысқарысында мағлыўматлардың узатылыўын тәмийинлеўши класслар ҳәм интерфейслер

]ava.awt.event

AWT орынланыўын ҳәм қайта ислениўинде қолланылатуғын класслар ҳәм интерфейслер

java.awt.font

Шрифтлер менен ислесиўде қолланылатуғын класслар ҳәм интерфейслер

java.awt.im

Киритиў методы редактрлерин сүўретлеўши класслар ҳәм интерфейслер

java.awt.im.spi

Қәлеген орталықта Java ның ислетилиўи ушын киритиў методларын ислеп шығарыўда қолланылатуғын,интерфейслер.

java.awt.image

Көринислерди жаратыў ҳәм өзгертиўди тәмийинлеўши класслар.

java.beans

JavaBean компонентлериниң ислеп шығарылыўын тәмийинлеўши, класслар.

javax.microedition.xlet

J2ME Personal бағдары қолланбаларында коммутация ушын қолланба ҳәм диспетчер тәрепинен қолланылатуғын,интерфейслер.

2.1.5. RMI бағдары.

Remote Method Invocation (RMI) бағдары CDC конфигурациясын орынлаўшы,платформалар ушын жаратылған бағдар.Ол JSR-66 орынланып Java Community Process те қатнасқан ҳәр қыйлы компаниялар тәрепинен анықланған.

RMI бағдары Foundation бағдарын енгизиўди талап етеди ҳәм одан жоқары тәртипте енгизиледи. RMI бағдары өнимлери төмендеги қәсийетлерди тәмийинлейди:

- RMI орынлаўдың толық семантикасын

- маршалинг объектлериниң тәмийинлениўин.

- RMI узатылыўшы протоколын

- API Unicast Remote Object арқалы аралықта жайласқан объектлер экспортын.

- клиент ҳәм серверлер ушын аралық мусорларын жыйнаў ҳәм мусорларды жыйнаўшы интерфейсти

- активатор интерфейси ҳәм клиент ушын активация протоколы

- RMI реестриниң интерфейслери ҳәм аралық объектлери реестрииниң экспорты.

RMI бағдары 1.3 версияның RMI API J2SE группа бөлимин тәмийинлейди.Төмендеги интерфейслер ҳәм қәсийетлер 1,3 версияның ҳәм API диң RMI J2SE спецификациясының қурамы болып есапланады,бирақ бундай мүмкиншиликлердиң ҳәм интерфейслердиң тәмийинлениўи RMI бағдарының техник талаплары бойынша шекленген,себеби қурылманың есаплаў қуўатлылығы,тармақ өнимдарлығы ҳәм өткериўшеңлик қәсийети шеклетилген:

- RMI брандмауэр ҳәм прокси арқалы ;

- RMI мультиплексли протокол;

- «активлестирилиўши» ( )аралық объектиниң орынланыў модели;

- мүмкиншилиги тәмийинленбеген методлар, класслар ҳәм интерфейслер;

- 1.1 в RMI ушын скелетон /заглушка протоколының орнатылыўы;

- скелетон ҳәм заглушка компиляторы;

1.3 в J2SE RMI диң төмендеги қәсийетлери орнатылмаған:

java.rmi.server.disableHttp;

java.rmi.activation.port;

java.rmi.loader.packagePrefix;

java.rmi.registry.packagePrefix;

java.rmi.server.packagePrefix.

2.2. MIDP бағдары.

CLDC тәрепинен орынланатуғын категорияларға персонал қурылмалардың ҳәр қыйлы түрдеги көплиги киритилгенликтен, олардың орынланыўы ушын ҳәр қыйлы бағдарлардың тәмийинлениўи шәрт.Олардың ишинде кеңнен тарқалған түри MIDP бағдары, CLDC жоқары орналастырылып, заманагөй сымсыз қурылмалар ушын жаратыған, пайдаланыў интерфейсиниң API топламын усынады.

Java тилиниң дәстүрине муўапық, MIDP –қолланбалар мидлетлер деп аталады. Бүгинги күнде MIDP пайдалыныў мүмкиншилигине ийе бағдар.

Басқа PDA бағдары бүгинги күнде иске енгизилиў алдында. PDA бағдарыда мобил информацион қурылмалардың улыўма категориясына тийисли.Бул бағдар енгизилмеўиде мүмкин, себеби оның спецификациясы MIDP тен әҳмийетли дәрежеде өзгеше емес.

MIDP спецификациясы, CDC конфигурациясының Foundation бағдары сыяқлы, экспертлик группа тәрепинен шығарылған, ҳәм бунда MIDP топары мобил қурылмалар әлеминиң компаниялары қурамынан ибарат. MIDP мобил информацион қурылмалар ҳәм мобил телефонлар ушын арналып ҳәм олар төмендеги характеристикаларға сәйкеслениўи керек:

- экран өлшеми шама менен (минимум есабында) 96х54 пиксель;

-экран тереңлиги 1 бит;

- бир ямаса еки қол менен ислеў ушын клавиатура,сенсор экраннан киритиў қурылмасы;

- MIDP-компонентлер ушын 128 Кб энергоғәрезли яд;

- турақлы сақланатуғын мағлыўматлар ушын 8 Кб энергоғәрезли яд;

- Jra динамикалық яд областы ушын 32 Кб энергоғәрезли оператив яд;

-еки тәреплеме сымсыз байланыс;

MID мүмкиншилиги диапозоны кең болғанлықтан, MIDP қурылма мүмкиншилигиниң улыўмалық бөлиўшисиниң минимал өлшемин усынады.Сонлықтан MIDP төмендеги API белгилейди:

- қолланба (MIDP қолланбаларын басқарыў ҳәм семантика);

- пайдаланыў интерфейси;

- турақлы сақлаў мүмкиншилиги;

- тармақларды шөлкемлестириў;

- таймерлер.

2.5. таблицада MIDP қурамының пакетлери берилген.

2.5 Таблица.

MIDP пакетиниң атамасы

Көрсетпеси

Пайдаланыў интерфейсиниң интерфейслери ҳәм класслары

javax.microedition.rms

Қурылманың турақлы сақланыўын тәмийинлеўши, ( ) запислерди жүритиўди шөлкемлестириў системасы.

javax.microedition.midlet

MIDP қолланбаларды анықлаўшы класс типлери

javax.microedition.io

MIDP улыўмалық биригиў структурасының интерфейслери ҳәм класслары

java.io

Java киритилиўи/шығарылыўының стандарт класслары ҳәм интерфейслери

java.lang

Виртуал Java машиналар класслары ҳәм интерфейслери

java.util

Стандарт утилиталар класслары ҳәм интерфейслери

MIDP орынланыўы, MIDP спецификациясында берилген, пакетлер ҳәм класслардан қуралыўы керек. Соның менен бирге ол пайда болған системасының аппаратлық тәмийнаты ҳәм программалық доступы ушын байланысыўшы класслардың орынланыўына ийе болыў керек.

2.6 таблицада CDC ҳәм CLDC платформаларының мағлыўматлар структурасы салыстырылып берилген. Бул стурктураларда қурылма семействоларына кесент бериўши ҳеш қандай тосқынлық жоқ. Соның менен бирге,платформа структурасы-әсиресе конфигурация ҳәм профиллер қәсийетлери- аппаратлық қурылмалардың ҳәр қыйлы семействосының практикалық шеклетилген дәрежелеринде ислеўге тийкарланған.

2.6 Таблица.

CDC пакетлери.

MIDP пакетиниң атамасы

Көрсетпеси

javax.microedition.midlet

MIDP қолланбаларын белгилеўши класс типлери

javax.microedition.io

MIDP улыўмалық биригиўи структурасының класслары ҳәм интерфейслери

java.io

Java стандарт киритиў/шығарыў класслары ҳәм интерфейслери

java.lang

Виртуал Java машиналары класслары ҳәм интерфейслери

java.util

Стандарт утилиталар класслары ҳәм интерфейслери.

2.2.1. Мидлет ҳалатының модели.

Мидлеттиң өмирлик цикли бир неше жағдайлардан ибарат. 2.7 таблицада MID-лет мүмкин жағдайлары ҳәм олардың көрсеткпелери берилген.

2.7 Таблица

MID-лет жағдайы

Жағдайлар

Көрсетпеси

Active

(Активен)

MID-лет қосылыўға таяр , ямаса қосылған. MID-летти басқарыўшы процесс қосылыў жағдайына берилмеген,бирақ MID-лет активлестирилген.

Destroyed

(Прерван)

MID-лет жалғанбаған ҳәм басқа жағдайға өтиў мүмкиншилиги жоқ.

Paused

(Приостановлен)

MID-лет орынланбайды.ол актив жағдайға өтпегенше жумыс ислей алмайды.

2.3 сүўретте жағдайдан жағдайға аўысыў диаграммасы берилген, ол мидлет режими менен жағдайларын көрсетеди. start методлары MID-лет жағдайларын өзгертиўди тәмийинлейди.

2.3. сүў. MID-лет жағдайы.

2.8. таблицада класының методлары келтирилген ҳәм олар MID лет жағдайларын басқарады.

Соседние файлы в папке Referat