Добавил:
Опубликованный материал нарушает ваши авторские права? Сообщите нам.
Вуз: Предмет: Файл:
Referat / Арухан++.doc
Скачиваний:
0
Добавлен:
27.11.2023
Размер:
182.27 Кб
Скачать

2. Java 2 micro edition платформасында мобил қолланбаларды жаратыў.

JAVA 2 MICRO EDITION (J2ME) –бул портатив қурылмалар ушын арнаўлы тәризде исленген платформа, виртуал машина түринде минимум бибилиотекаға ийе ҳәм стандарт Java- класының әпиуайы версиялары менен тәмийнленген.

Портатив қурылмалардың тийкарғы категориялары төмендегилер:

- Онша үлкен емес қуўатлылықтағы қурылма, функционал мүмкиншиликлери шекленген, стационар болмаған тармақ байланыслары ушын қолланылады- Мобил телефонларда, еки тәреплеме пейджерлерде, қалтада алып жўриў ушын арналған ПК ҳәм органайзерлерде.

- Жоқары қуўатлылыққа ҳәм пайдаланыў интерфейси қурылмаларына ийе қолланба, фиксацияланған сымсыз тармақларға бириктириледи- компьютер орнатпалары, Интернетке жалғаныўшы телевизорларға,навигацион автомобиль системаларға, жоқары класстағы коммуникаторларға.

J2ME принципи тийкарында программаларды жаратыўда, қолланбалар тийкарынан қурылмалардың типлери ҳәм олардың функционал мүмкиншиликлерине, яд көлеми ҳәм байланыс типине қарай орнатылады.Усы мақсетте J2ME де конфигурация ҳәм профиллер қолланылады.

2.1. J2ME конфигурациялары ҳәм профиллери.

J2ME конфигурациясы портатив қурылмалардың категориялары ушын минимал Java-платформаны белгилейди.Конфигурация-бул системалық дәрежеге тийисли ресурсларды белгилеўши, спецификация.

Конфигурация өз ишине 3 базалық элементти қамтыйды:

- Java программаластырыў тилиниң қәсийетлер қурамын

- Java виртуал машинасының қәсийетлер қурамын

- Java бибилиотекаларының қолланылатуғын қурамын ҳәм қолланбаның программалық интерфейслерин (API)/

Портатив қурылмалардың сәйкес категориялары ушын J2ME конфигурациясының еки базасы ажыратылып берилген:

1.Connected Limited Device Configuration (CLDC)- шекленген мүмкиншиликлерге ийе станционар жалғанбаған Мобил қурылмалар ушын конфигурация.

2. Connected Device Configuration (CDC)- жоқары функционал мүмкиншиликлерге ийе, артықша мегабайтлы ямаса яд көлеми 2 болған турақлы түрде жалған Мобил қурылмалар конфигурациясы.

J2ME бағдары қурылманың белгиленген классы ушын программалық интерфейсти белгилейди.Бағдардың әмелге асыўы Java класс библиотекасының қурамынан ибарат, олар программалық дәрежедеги интерфейсти тәмийинлейди яғный хызметлер менен функционал мүмкиншиликлердиң барлық түрлерин белгилейди.

Профиллер конфигурация тәрепинен берилген,мүмкиншиликлердиң қурылмалар семействолары ушын, ҳақықый платформаларды тәмийинлеўде қолланылады.Ҳәр қыйлы өндириўшилердиң ақырғы өнимлериниң сәйкеслигин тәмийинлеўде- бир категориядағы барлық қурылмалар арасында Java қолланбаларын ислеп шығарыўдың стандарт платформаларын анықлайды.

Профиль конфигурациядан жоқарырақ енгизиледи ҳәм өз ишине библиотекаларды қамтыйды.Конфигурациялар қурамына қурылманың берилген категорияларының арнаўлы характеристикалары сәйкеслендириледи.Қолланбалар конфигурация ҳәм профилден жоқары орналастырылып,төмен дәрежедеги усы спецификациялар тәрепинен усынылған класслар бибилиотекасы ғана қоллана алыў мүмкиншилигине ийе.Профиллер бириниң үстине бири орнатылады, бирақ J2ME қолланбасы тек бир конфигурацияға ийе .2.1 сүў. дәрежелер көрсетилген ҳәм олар арқалы J2ME платформасы дүзиледи.

Java-қолланба

API профиллер

API конфигурациялар

Библиотекалар

Java виртуал машинасы

Компьютердиң операцион системасы

Қурылмаың аппаратлық тәмийнаты

2.1. сүў. J2ME платформасы.

2.1.1. Connected Limited Device Configuration конфигурациясы.

CLDC ди қолланыўдағы мақсет, қурылмалар ушын стандарт Java платформасын орнатыў. Системалық программалық тәмийнаттың кең көлеми ишинен, CLDC минимал болған орталықтан келип шығады.мысалы,бир ОС көплеген параллель процесслерди тәмийинлеўи мүмкин, ал басқасы файлы системаны тәмийинлемеўи ямаса соған уқсас жағдайларда болады.

CLDC ,CDC тен өзгешеленип, ол өзинен оның группа бөлимшелерин усынады. бирақта бул конфигурациялар бир бирине ғәрезсиз,сонлықтан платформаны сүўретлеўде олар биргеликте қолланылмайды. 2.2 сүў.еки конфигурация менен J2SE платформаларының арасындағы байланыс көрсетилген .

Соседние файлы в папке Referat