Добавил:
Опубликованный материал нарушает ваши авторские права? Сообщите нам.
Вуз: Предмет: Файл:
Referat / Нуржамал индустриал.doc
Скачиваний:
0
Добавлен:
27.11.2023
Размер:
986.62 Кб
Скачать

TAШKEНT ИНФОРМАЦИЯЛЫК ТЕХНОЛОГИЯЛАРЫ УНИВЕРСИТЕТИ НӨКИС ФИЛИАЛЫ Компьютер инжиниринги факультети

2А магистратура «Компьютер инжиниринги » қәнийгелиги Индустриал қолланбалар пәнинен

Корпоратив информациялық системалардың тәмийнлеўши подсистемалары

Орынлаған: Бекниязова.Н

Қабыллаған: Бурханов.Ш

Нөкис 2015

Корпоратив информациялық системалардың тәмийнлеўши подсистемалары

Жоба:

Кирисиў.

Тийкарғы бөлим.

  1. КИС ҳаққында түсиник

  2. Орта бизнес ушын КИС

  1. Галактика

  2. Microsoft Dynamics AX

  3. Эталон (DOS-версия)

  4. SAP R/3

Жуўмақлаў.

Әдебиятлар .

Кирисиў

Аналитиклердиң баҳалаўлары бойынша бүгинги күнде дүнья жүзи бойынша 1,4 млн орта компаниялар дүнья жүзлик экономикаға 31 % дәрамат киритип атырғанлығын мәлимлейди.Орташа базар қурамы бойынша, ИТ-бюджетинен, киши ИТ-бөлимлерден, сатыў ҳәм хызметлер бойынша баҳалардың өзгериўшеңлиги, тәўекелшиликке қарсы тура алыў мүмкиншиликлери тийкарында қәлиплеседи. Бундай компаниялар тек сатыў мәселелерин шешип ғана қалмастан, бизнес мәселелерин шешиў имканиятларына зәрүр екенлиги анықланған. Бунда орта бизнес қатнасыўшыларының ҳәрекети өзгеше бағдарда ҳәрекетленеди.

Егер ири бизнес қатламлары мәселениң анық шешимин тәмийинлеўши, ИТ-қәнийгелериниң пүтин қурамын қамтыйтуғын болса, орта компаниялардың мүмкиншиликлери бул бағдарда шекленген.Буйырпашылар ушын интегратор компаниялардың усыныслары өзине тартпады, себеби олардың штатларында қәнийгели маслаҳәтшилер қурамы дүзилген.

Орта компаниялар- ИТ компаниялар ушын потенциал буйырпашылар болып табылады. Себеби шетки хызметлерге талабы жоқары, ал қурамалылығы мене көлеми пәс. Ири проектлерди орынлаў тәжирийбесине ийе ИТ компаниялар оларды орта кәрханалар базарлары ушын нәтийжели қолланыў мүмкиншилигине ийе.

Бүгинги күнде орта компаниялардың стратегик инвестицияларды әмелге асырыў мүмкиншиликлери жетилиспекте.Мағлыўматлардың пайда болыўы менен бирге олардың сол заматта узатылыўы жүдә әҳмийетли, бирақ буны есаплаў техникасыз әмелге асырыў мүмкин емес.Орта базарда экономикалық жағдайлардың өзгериси, бул тараў ушын жетик қәнийгелерди талап етпекте, Базарда ҳақықый қәнийгелерди табыў аңсат емес, сонлықтан да сыртқы консалтинг фирмаларының хызметлери абсолют адекват тәризде қабылланады.

Корпоратив информациялық системалар дегенде корпорация (бирлеспе) масштабында мекемени басқаркыўдыӊ еффектив усылларын қолланыў ушын информациялық технологиялардан пайдаланып әмелге асырылатуғын системаға айтылады.

Корпоратив информациялық системаларныӊ тийкарғы қәсийетлери:

  1. Дүзиўдиӊ ашық архитектурасы.

  2. Мағлыўматларды қайта ислеўдиӊ бөлистирилген системасы.

  3. Интратармақ (интрасеть)

  4. Мағлыўматлар базасы ҳәм қолланбалардыӊ көп платформалығы.

  5. Корпоратив түрдеги жаӊа информациялық технологиялар.

Корпоратив информациялық системалар дәрежелери:

1) Стратегиялық информациялық системалар(ESS-кәрхананың басшысына келешектеги мекеме жумысын планластырыўға жәрдем береди).

Буған Enterprice Strategic System (ESS)

ESS тиӊ жумыс ислеўи ушын төмендегилер зәрүр:

  1. Бир пүтин информациялық кеӊисликти жаратыў ҳәм коммуникациялық инфраструктураны раўажландырыў.

  2. Жаӊа заманагөй информациялық технологиялар тийкарында басқарыўдыӊ жаӊа формалары ҳәм методларын енгизиў.

  3. Шешим қабыл етиў ушын талап етилетуғын информацияныӊ ўақтын кескин қысқартыў.

  4. Электрон ҳүжжетлер менен жумыс ислеўдиӊ бәршеге бирдей болған стандартын енгизиў.

5) Бөлимлер ҳәм хызметкерлердиӊ жумысларының эффективлигин асырыў ҳәм автоматластырыў.

6)Корпоратив билимлерди басқарыў инфраструктурасын жаратыў.

ESS типтеги корпоратив системалар төмендеги мәселелерди шешиўге мүмкиншилик береди:

  1. Мекемени талап етилген басқарыў сапасын гарантиялайды.

  2. Бөлимлер арасындағы өз-ара байланыстыӊ эффективлигин ҳәм оперативлигин асырады.

  3. Шығарылатуғын өнимниӊ сапасын басқарыўды тәмийнлейди.

  4. Мекеме хызметиниӊ экономикалық эффективлигин асырады.

  5. Мекемеде стастикалық есап-санақ системасын жаратады.

  6. Мекемениӊ раўажланыўының болжаўды әмелге асырады.

  7. Стратегиялық ҳәм оператив жобаластырыў системасын жаратады.

Корпоратив информациялық системалар тек техникалық ҳәм программалық қураллардан ибарат болып қалмастан, корпоратив информациялық системалар хызмет ететуғын предметлик областқа да ийе.

ERP-системасы ( кәрхананың ресурсларын жобаластырыў системасы)-корпоратив информацион система, басқарыў ҳәм есапты автомат жүритиў ушын арналған. Бул система моулли принципте дүзиледи, ҳәм белгиленген дәрежеде компанияның тийкарғы процесслерин қамтыйды.

ERP-системасының функциялары

ERP-системасы мағлыўматларды сақлаў орталығы ретинде кәрхананың корпоратив бизнес мағлыўматларын қамтыйды ҳәм оны кәрхананың қәлеген хызметкери пайдаланыў имканиятын усынады.

- өндиристи ҳәм сатыўды қәлиплестириў

- өним өндириси ушын талап етилетуғын материал ҳәм қурамлы бөлеклерге болған талапты қәлиплестириў

-запаслар ҳәм сатып алыўлар бойынша басқарыў: шәртнамаларды жүритиў, орайластырылған сатып алыўларды әмелге асырыў, склад ҳәм цехлар бойынша запасларды оптимизациялаў ҳәм есабын жүритиў

-өндирислик қуўатлықларды шөлкемлестириў, ири қуўатлылықтағы ҳәм киши бөлек қурамларды жобаластырыў

-финансларды оператив басқарыў,финанс жобасын дүзиў оның орынланыўын қадағалаў, финанслық ҳәм басқарыў есапларын алып барыў

- ресурс ҳәм этапларды жобаластырыў арқалы опроектлерди басқарыў

ERP концепциясы

ERP системаларындағы программалық инструментарий өндирислик жобаластырыў, буйыртпалар ағымын моделлестириў, олардың сатылыўы ушын кәрхана бөлимлеринде орынланыўын баҳалаў шәртлерин әмелге асырады.

Енгизилиўи

Классикалық ERP системалардың программалық тәмийнаты қурамалы программалық өним сыпатында қаралады, сонлықтан оны сазлаў узақ ўақытты талап етеди. КИС таңлаў,оны енгизиў ҳәм пайдаланыў, компания тәмийнатшылары ҳәм консультантлары менен бирликтеги терең жобаластырыўды талап етеди. Кис системасы модуллик принцип бойынша дүзилгенликтен,буйыртпашы проекттиң әсиресе дәслепки стадияларында модуллер комплектиниң толық спектрин ийелей алмайды, ал шекленген қурамын ғана алады. Енгизиў барысында проект команда, орнатылған модуллердиң сазланыўын бир неше айлар даўамында әмелге асырады.

КИС артықмашылықлары

ERP- системасыз ислейтуғын ири өндириўшилер көплеген қолланбалар менен ислеўге мәжбүр, ҳәм олар өз-ара байланысыў мүмкиншилигине ийе емес. Төменде өз-ара байланысыў мүмкин болған шәртлер берилген:

- техникалық дизайн ( өнимди ислеп шығарыўдың ең жақсы усылы);

- буйырпалардыбақлаў: қабыллаўдан орынлаўға шекем;

- дәраматты алыў цикли- накладнойдан баслап нақ алғанға шекем;

- материаллардың қурамалы спецификаларының өз-ара байланыслылығын басқарыў;

- буйыртпа бланкаларының, товарлардың келип т6сиўи бойынша квитанциялардың ҳәм счет фактуралардың дурыслығын тексериў;

- барлық мәселелер бойынша бухгалтериялық есап жүргизиў, деталлық дәрежеде дәраматлар, ғәрежетлер ҳәм пайданың есабын алып барыў.

Кемшиликлери

ERP көпшилик мәселелери, персоналды оқытыў менен байланыслы қойылмалардың жетиспегенлиги есабынан пайда болады. Оған системаны енгизиўге қатнасатуғын персоналлар менен хызметкерлердиң болмаўы, ERP-системасы мағлыўматларының толықлығын әмелге асырыўшы фирма сиясатының алып барылмаўы ҳәм олардан дурыс пайдаланбаў есабынан усындай жағдайлар пайда болады.

ERP-системадағы шеклеўлер:

- Енгизиў нәтийжелилиги персоналлар квалификациясы ҳәм тәжирийбесине, олардың оқытылыўының тәмийинлениўине, системаның қәтесиз ислеўиниң тәмийинлениўине байланыслы.Көпшилик компаниялар бундай шәртлер артықша ғәрежетлерди келтирип шығарады деген пикир менен оларды қысқартып отырады.Көпшилик жеке кәрханаларда бундай қураллар жүритилмейди ҳәм ERP-системасына кәрхананың улыўма жағдайынан хабардар адам бекитилмейди.

-Кадрлар ҳәрекети; компанияға қабылланған жаңа менеджерлер, ERP системасының қолланылыўын түсинбегенликтен, таңланған ERP-системасының оптимал пайдаланылыўына келисим берместен бизнес-процесске өзгертиўлер киритиўи мүмкин.

- Индивидуал тәртипте өзгерислер киритиў шекленген. Базыда бундай өзгерислер пүткил ERP ПТ қурамын түптен өзгертиўи мүмкин, ҳәм бундай шәрт өз нәўбетинде қабыл етилмейди.

- ERP-cсистемасы менен тәмийинленген, бизнес-процессти «Санаат стандарты» сыпатында қайта проектлестириў, фирманың конкурентлик жағдайының жоғалыўына алып келеди.

- ERP-cистемасын орнатыў жүдә қымбатқа түсиўи мүмкин.

-ERp-cистемалар ийкемлесгиш қәсийетке ийе емес, оларды мағлыўматлардың белгили бир ағымына ҳәм базы компаниялардың бизнес-процессине бейимлестириў қыйын болады- бул факт енгизиўдиң әўметсиз себеби ретинде көринеди.

- ERP-системалар қолланыўда қурамалы болып келеди;

- Система әззи бөлимлер ҳәрекетинен зыян көриўи мүмкин яғный бир бөлимдеги нәтийжесизлик басқа қатнасыўшыларға өз тәсирин тийгизбей қоймайды.

- Көплеген өз-ара байланысқан бөлимлер басқа қолланбалардың анық ҳәм нәтийжели ислеўине байланыслы. Компанияда минимал норма орынланыўы мүмкин, бирақ ўақыттың өтиўи менен базы қолланбалардың исенимлиги исенимсиз мағлыўматлар есабынан төменлеўи мүмкин;

- Система орнатылғаннан соң, партнерлардың бири ушын басқа версияға аўысыў жоқары тәўекелшилик пенен орынланады ( корпоратив дәрежениң ийкемлесиўин ҳәм стратегиялық қадағаланыўын төменлетеди).

- Кәрхананың шегарасын алып таслаў, есабатта, жуўапкершиликте ҳәм хызметкерлердиң мораллық жағдайына кери тәсир етеди.

- сыр тутылатуғын мағлыўматларды тарқатпаў бойынша илажлар программалық тәмийнат нәтийжелилигин төменлетиўи мүмкин;

- Жийи жағдайда партнерлардың ескирген системалары менен сәйкеслиги арасында мәселелер жүзеге келеди;

- буйырпашылардың ҳақықый зәрүрликлерине салыстырғанда система артықша функцияларға ийе болыўы мүмкин.

КИС ислеп шығарылыў этаплары

Классикалық өмирлик цикл

Программалық тәмийнатты ислеп шығыўдың ески избе изликлеринен бири бул классикалық өмирлик цикл.

Әдетте классикалық өмирлик цикл каскадлы ямаса сарқырамалы модел деп журитиледи, буның себеби ислеп шығарыў избе-из этаплар сыпатында қаралады, бунда келеси иерархик этапқа өтиў алдыңғы этап толық орынланғаннан соң әмелге асады ҳәм өтип кеткен этапларға қайтыў нәзерге алынбайды.

MRP системалар

MRP системалар- бул өндирис қуўатлылығының оптимал жүклеўин тәмийинлеўши, материалларға болған талапнамаларды жобаластырыў системасы, ҳәм бунда сәйкес цикл ушын қанша муғдардағы материалталап етилсе сол муғдарда сатып алыў керек екенлиги белгиленеди.

MRP II системасы

MRP II системасы-өндирислик ресурсларды жобаластырыў системасы. Тийкарғы мақсети, өндиристеги барлық өндирислик ҳәм коммерциялық жағдайларды анализлеўди ҳәм есапқа алыўды тәмийинлейди.Егер өндиристе қандай да бир жағдайлар яғный брак өнимлердиң шығыўы, өндирис программасының өзгериўи, өндиристе жаңа технологиялық талаплардың орнатылыўы әмелге асса система булл жағдайларды тезде қабыл етеди, келип шыққан мәселени көрсетип, булл мәселелрди минимумға келтириў ушын өндирислик жобаға қандай киритилиўлер киргизиў кереклигин усынады.

Система концепциясының мәниси өндиристиң жобаластырылыўы базы цикллик алгоритм тийкарында дүзилиўинде.

Бизнести жобаластырыў этапында компания мақсети орынланады: оның базардаға жағдайы, баҳа ҳәм пайданы анықлаў, финанслық ресурслар. Компанияның өндириси ҳәм сатыў шәрти белгиленип, ислеп шығарыўға қанша муғдардағы инвестиция жумсаўы баҳаланады, ҳәм пайданың жобаластырған дәрежесине ерисиўде өнимди шығарыў бағдары белгиленеди.

Талапты жобаластырыў этапында, белгиленген бизнес-жоба орынланыўы ушын, көлем муғдары баҳаланып, сатыў динамикасы қәлиплеседи.

Ҳәр бир өним түри ушын өндиристиң жеке программасы дүзиледи. Шығарылып атырған өнимниң барлық түрлери ушын өндирислик программалар жыйындысы кәрхананың өндирислик жобасын көрсетеди.

Материаллық ресурсларға талапты жобаластырыў өнимди шығарыў графигин тәмийинлеў ушын зәрүр болған, материаллық ресурслардың талап мүддетлери бойынша көрсетиледи. Шығыўшы мағлыўматлар булл буйым спецификациясы ҳәм ағымдағы материаллық запаслар муғдары болып табылады. Ал жумыс нәтийжеси сатып алыў кестеси ямаса барлық керекли материаллардың ишки өндириси.

Қуўатлылықларға талапты жобаластырыўда өндирис жобасы рабочий қуўатлылықларының ақырғы жүклениў бирлигине өзегереди. Шығыўшы мағлыўматлар шығарылып атырған өнимниң маршрутизациясы ҳәм ағымдағы буйыртпалар киреди.

Этаптан соң өндирислик жоба орынланғаны ямаса орынланбағаны бойынша баҳалаў өткериледи, егер орынланбаса өнимди шығарыў график жобасы қайта дүзиледи.

Клиентлердиң буйырпаларын басқарыў клиентлердиң ҳақықый талапларын өнимди шығарыў жобасы менен салыстырыў хызметин орынлайды.

Ɵндирислик цех дәрежесиндеги басқарыўда бир неше күн ямаса ай бойынша даўамланатуғын оператив график жоба дүзиледи.

Келеси этап ERP системасы менен усынылады-бул кәрхана ресурсларын комплексли жобаластырыў системасы. Егер MRP II өндирис ресурсларын шәртли жобаластырыў ушын қолланылса, ал ERP системалар кәрхананың барлық ресурсларын жобаластырыў менен шуғылланады ( персоналларды басқарыў, буйыртпалар,финанслар ҳ.т.б.).

ERP системасында қолланылатуғын электрон бизнес қураллары, кәрхананы глобал экономикаға бирлестиреди.ERP II концепциясы элктрон бизнем шегарасында ислеўди тәмийинлейди.

ERP II системалары сол ўақыттағы корпоратив қолланбалардың түрлерин өзине жәмлеген:

- кәрхана ресурсларын ERP негизинде жобаластырыў системасы

- клиентлер CRM менен өз-ара байланысты басқарыў системасы

- BI аналитиклер қураллары ҳәм шешимлерди қабыллаўды қуўатлаў

- Барлық компонентлердиң интеграцияланыўы ушын IMS мағлыўматларды басқарыў системасы

- электрон коммерция қураллары ҳәм Интернет арқалы өз-ара байланыс.

Бул, бөлек системалардың функциялары жийи жағдайда кесилисетуғынлығын аңлатады.

КИС ҳәм Интернет-технологиялар

Соңғы ўақытлары бизнести басқарыўдың раўажланған бағдарларынан бири CRM концепциясы. Бул биринши нәўбетте, конкурентлик гүрестиң сапаны басқарыў тараўында актив раўажланыўы менен байланыслы.Сапа түсиниги ретинде тек өним сапасы нәзерге алынып қалмастан, оның тутыныўшыларына сапалы хызметте киреди. Сапалы хызмет түсинигине өним сапасын қадағалаў, өмирлик цикл даўамында кепиллик ҳәм кепилликтен соңғы схемасы,тутыныўшы қәлеўи бойынша қурамға өзгерис киритиў киреди.

Бундай стратегияның орынланыўының тийкарғы мәселеси,информацион система ислесетуғын көпшилик мағлыўматлар компанияның киши түйинлериндеги операцион хызметлерге байланыслы, сонлықтан тутыныўшылар ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўмат топлаў ҳәм анализлеў қыйын мәселени пайда етеди.

Internet/Intranet технологиялар ҳәм КИС технологиялық эволюциясы

Internet те компанияның толық функционалы виртуал көриниси

Internet технологиясын қолланыў КИС дүзиўде тағы бир мүмкиншиликти жаратады. Оның жәрдеми менен қәлеген компания Internet те толық функционалы виртуал көринисин шөлкемлестириў мүмкин.

Дүнья жүзи бойынша көпшилик компаниялар өнимлерге буйырпаларды Internet арқалы алады. Бундай хызметлерди биринши рет Cisco Systems усынып олар өз тутыныўшыларына сапалы хызмет дәрежесин арттырыў есабынан жоқары дәрежеге еристи.

Виртуал шөлкемлестириўде компания өнимлериниң буйырпашылары, дистрибутирлери, тутыныўшыларының толық спектирдеги информацион тәмийнаты түсиниледи. Солай екен, өнимниң барлық өмирлик цикли бойынша толық кери байланыс функциясы әмелге асады. Бундай көринистиң тийкарғы мүмкиншиликлери:

- Тутыныўшы ҳәм дистрибутирлер Internet арқалы өнимге буйырпа бериўлери мүмкин.Бунда буйыртпа, киритилгеннен ҳәм тастыйықланғаннан соң КИС ҳүжжети болып есапланады ҳәм қайта ислениў ушын нәўбеке турады. Буйыртпашы қәлеген ўақытта буйыртпаның орынланыў этапын қадағалаў мүмкин. Шийки зат ҳәм материалларды жеткерип бериўшилер, жеткерип бериў ,ямаса қурамлы бөлеклер бойынша жағдайларын тезде жеткериў арқалы система өндирислик жобаны қайта дүзеди ҳәм өндириске бар болған запас бөлеклер шығарылады.

Виртуал усыныс сервери арқалы тутыныўшылар техникалық ҳәм информацион тәмийнатты алыў мүмкиншилигине ийе, кепиллик берилетуғын ҳәм кепилликтен соң хызмет көрсетилетуғын буйыртпалар толтырылып, өз усыныс ҳәм ескертиўлерин қалдырыўы мүмкин, өнимге тийисли дикуссияларда қатнасыў имканияты жаратылады.

Аралық тармақлар менен өз-ара байланысты жолға қойыў ҳәм жеткерип бериўдиң дизимин қадағалаў

Конкурентлик гүрестиң тривиал ҳәрекетлеринен бири булл ғәрежетлер элементлери спектриниң төменлеўи есабынан өнимниң ақырғы баҳасының төменлеўи. Егер кәрхана ғәрежетлерин қысқартыўға ерискен болса, ақырғы тутыныўшыға өним алдыңғы баҳада бериледи, ал рентабелликтеги барлық утыс бөлистириў шынжырлары бойынша бөлистириледи. Бундай жағдайлар ушын, логистикалық шынжыр қатнасыўшылары арасында мағлыўматты алмасыўды орнатыў керек. Виртуал көринис жәржеминде, жеткерип бериў шынжыры бойынша товар ҳәрекетиниң мониторинги орнатылады, ҳәм бөлистириў каналының нәтийжелилиги белгиленеди.

Кис қурамын таңлаўда, усы факторларды есапқа ала отырып, толық жумысты тәмийинлеўши программаларға итибар бериў керек. Бундай техникалық шешимлер арқалы кәрхана локал, глобал ҳәм корпоратив тармақлардан артықша ғәрежет жумсамастан мағлыўматлардың стандарт қурамларын қолланыў мүмкин.

Internet технологияны қолланыў мәселесин қарап өтер екенбиз, информацион қәўипсизлик түсинигине тоқтап өтиў орынлы. Ҳүжжетлерге санкцияланбаған доступларды болдырмаў ушын орнатылған МБС ҳәм САДП жеткиликли емес. Сонлықтан КИС қурамына арнаўлы қорғаў қуралы болған программалы-аппарат киритилиўи керек. Олар тийкарынан мағлыўматларды шифрлап, электрон цифрлы имзаны тәмийинлейди, ҳәм олар тийкарында пайдаланыўшылар аутентификациясын шөлкемлестиреди.Булардың барлығы КИС ишинде информацияның пүтинлигин тәмийинлейди.

Программалық қураллар нәтийжелилиги аппарталық ҳәм биометрик қуралларды қолланыў есабынан арттырыў мүмкин: аппаратлық гилтлер, смарт-карталар, қол таңбаларын анықлаў қурылмасы, көз қарашығы, даўыс, бет әлпет.

КИС мысаллары, олардың мәниси ҳәм концепциялары

Бүгинги күнде КИС төмендеги түрлери бар: кәрхана ресурсларын басқарыў (ERP), буйыртпашылар менен өз-ара байланыс (CRM), жеткерип бериў шынжырын басқарыў (SCM).

Oracle E-Business Suite-бүгинги күндеги электрон бизнес ушын толық интегралластырылған қолланбалар комплекси, Интернет ҳәм глобал Интернет тармақларында ислейди.Комплекске кәрхананы басқарыўды автоматластырыўдың толық шешими киритилген.

Oracle E-Business Suite- бир платформада кең спектрдеги мәселелерди шешиў мүмкиншилигин тәмийинлейди:

-Бюджетлестириў ҳәм консолидация

-Есап жўритиў ҳәм есабат

- Ɵндиристи басқарыў

- Запасларды ҳәм жеткерип бериў шынжырларын басқарыў

- Персоналларды басқарыў

- Сапаны басқарыў

- Сатыўды басқарыў.

Oracle E-Business Suite функционал блоклары

Oracle ERP- кәрхананың ишки хожалық процесслерин басқарыўды автоматизациялаў қолланбасы (өндирис, финанслар, тәмийнат, персоналларды басқарыў) ҳәм олардың оптимизациясы

Oracle E-Hub- электрон саўда майданларын шөлкемлестириў қолланбасы

Oracle СRМ- автоматизация ҳәм клиентлер менен өз-ара байланысқа бағдарланған, процесслер нәтийжелилигин арттырыў.

Oracle ERP, Oracle E-Hub, Oracle СRМ қолланбалары толық интегралласқан ҳәм олар бирликте электрон бизнес қурамын пайда етеди- Oracle E-Business Suite, системада мағлыўмат дерегин пайдаланыўды тәмийинлейди ҳәм интеграция ушын ғарежет талап етпейди.

Орта бизнес ушын КИС

Бул қурам кәрханаларды комплексли автомат басқарыў, комплексли автоматластырылған есап ҳәм финансларды басқарыў қуралларынан ибарат. Бул системаға мысал ретинде «Галактика», «Парус» «БЭСТ ПРО», AVACCO системаларының комплексли конфигурациялық программалық системалары ҳәм оларға уқсас «1С» системасы киритилген. Конфигурацияның қандай вариантын таңлаў функционналлық көлем ҳәм КИС алынған интеграция дәрежеси менен белгиленеди. Жоқарыда белгиленгенлер ишинен Галактика системасын белгилеймиз, себеби ол мүмкиншилиги бойынша ири интегралласқан системалар класына киреди.

Галактика- кәрхананы автомат басқарыў комплекси. Дүзилиси ашық архитектуралы, модулли, технологиясы «клиент-сервер», сазланыўы ийкемлесгиш, жумыс ислеўде жоқары исенимлиликте тәмийинлейди, жүритиў сапалы ҳәм енгизилиў тезлиги жоқары.

Галактика- бул жобаластырыўды автоматизациялаў , финанслық ҳәм материаллық ағымларды басқарыў есабынан кәрхананы басқарыўды арттырыў, толық информацион қадағалаўды орнатыў, заманагөй технологиялар қурамы ҳәм кәрхананы басқарыўда олардан пайдаланыў мүмкиншилиги.

Галактика комплекси программалық модуллерден ибарат болып, жумыс ҳәм хызметлердиң орынланыўын тәмийнлейди. Комплекс клиент-сервер архитектурасында орынланған ҳәм аралықта жайласқан локал есаплаў тармағында ҳәрекетленеди. Комплекс базасында, кәрхананың өндирислик ҳәм технологиялық тәртибин жолға қойыўшы бир пүтин операцион-информацион орталығы қәлиплеседи.

Финанслық анализ. Модулдиң тийкарғы мәселеси кәрхананың финанслық жағдайын баҳалаў ҳәм оның соңғылықта раўажланыўы ушын перспективаларды ислеп шығыўдан ибарат.

Модулдиң функционал мүмкиншиликлери миллий ҳәм халық-аралық стандартлар тийкарында, миллий нызамшылыққа тийкарланып орнатылады.

Кәрхананың финанслық жағдайының анализи ишки бухгалтериялық есабат мағлыўматлары тийкарында әмелге асырылады олар қатарына, «Кәрхана балансы», «Пайда ҳәм ғәрежетлер ҳаққында есабат», «Салық есабатлары» ҳәм басқа формалар киреди.

Модуль инструментариясы менен кәрхананың финанслық ағымларын ҳәм ресурсларын характерлеўши, ишки есабат ҳүжжетлерин анализлеўде қолланыў мүмкин.

Модульге мағлыўматлардың импортланыўы қәлеген система арқалы алынады. Барлық кириўши мағлыўматлар программалы тәртипте белгиленген, белгиленген стандарт арқалы есабат мағлыўмат көрсеткишлерин өз-ара бириктириў есабынан қадағаланады.

Финанслық жағдай анализи бир неше методика бойынша әмелге асады. Модуль анализдиң қәлеген түрин орынлаў имканиятына ийе: яғный белгиленген көрсеткишлер бойынша деталластырылған ямаса компонент анализ тийкарында мүлклик ямаса финанслық жағдайды баҳалаў есабынан

вертикаль, горизонталь анализ.

Модулдиң тийкарғы мәселеси кәрхананың финанслық жағдайын баҳалаў ҳәм оның соңғылықта раўажланыў перспективаларды анықлаў болып табылады.

Кадрларды басқарыў. Модуль кадрлар бөлими хызметкерлериниң мийнет өнимдарлығын арттырыў, усынылған мағлыўматлардың көлеми ҳәм дәрежелерин интеграциялаў ушын арналған.Модуль кадрлар есабын кең көлемде жүритиў имканиятын береди: оған карточкаларды жүритиў, әскерий есап мағлыўматларын алып барыў, стандарт болмаған структуралар менен, штаттан тыс ислеўшилер, орындаслар менен ислесиўге ҳәм олардың есабын жүритиў, хызметкерлер мағлыўматларын сақлаў ҳәм персоналлардың басқа кадрлық мәселелери бойынша бағдарланған информацион-мағлыўмат системасын усынады.

Хожалықты жобаластырыў модули өндиристиң техникалық таярлығын автоматластырыўды тәмийнлейди, кәрханаларда технико-экономикалық жобаластырыў тәртибин санаат тараўлары өзгешелиги тийкарында алып барады ,бундай тараўларға: машинасазлық ҳәм приборларды ислеп шығарыў,жеңил санаат, азық-аўқат,химия, таўкәнлери санааты, қара ҳәм реңли металлургия киреди.

Экономикалық мәселелерди шешиў ушын корпоратив информацион система мүмкиншиликлеринен пайдаланыў анализи.

Система ҳәр қыйлы дәреже ҳәм категориялар бойынша- жоқары менеджметтен баслап киши бөлимлер аралығында, информацион тәмийнатты әмелге асырады.

Филиаллары территориялар бойынша жайласқан ири компаниялар ушын, оператив доступ ҳәм информацион алмасыў мүмкиншилиги әмелге асырылған, солай екен директор бир орында отырып аралықта жайласқан филиалларды басқарыў мүмкин. Бул мүмкиншилик арқалы қәлеген жағдайды аралықта отырып бақлаў мүмкин. Бундай қадағалаў персоналларды басқарыўдың жоқары дәрежесине ерисиўге мүминшилик береди.

Белгиленген кәрханалар ушын сазланыў параметрлерине ийе болған «Галактика» кәрхана спецификасын есапқа ала отырып өз-ара бирге ислесиў ушын пүтин информацион тийкарды жаратады.

«Галактика» арқалы басшы жағдайлардың анық сүўретлемесин алады ҳәм келешекти көре биледи. Процесс еки бирликтен ибарат- система конкрет бизнес бойынша адаптацияланса, екинши тәрептен кәрхана системада белгиленген билимлерди қолланады.

Системаның ийкемлесиўши структурасы кәрхана филиаллары ушын параллель ҳәм ҳәр тәреплеме есапты жүритиў мүмкиншилигин усынады.

Соның менен бирге, экономикалық анализ қуралларына ийе бола отырып система салық өндириў схемасын анықластырады ҳәм салықты артықша төлеў, штрафларды болдырмаў ушын төлемлер структурасын орынлайды.

«Галактика» системасында орнатылған тийкарғы принциплер булар:

- интеллектуаллық- дәстүрий усыллардан өзгеше болған басқарыў шешимлери;

- мағлыўматты дизиге алыў ҳәм топлаў;

- интегралласқанлық- кәрхананың ҳәр түрли бөлимлери арқалы ҳүжжетлердиң айланысы;

- модуллик- системаның этаплар бойынша енгизилиўи, ийкемли бағыт;

- байланысыўшылық- ҳүжжетлестириў қурамының толық мағлыўматларды киритиў қолайлықлары;

- байланыса алыўшылық- кәрханада ислеўши, басқа программалар менен өз-ара байланысыў мүмкиншилиги;

- адаптивлик - системаның эксплуатация схемасын әмелге асырыўшы,сазланыў механизми.

«Галактика» басқа программалардан өзгешелиги сонда, яғный автоматизацияның жаңаланыўы менен бул дәстүрге өзгертиўлер киритиў талап етилмейди. Кәрханада ҳәрекетлениўши әмелий программалар менен еркин байланысыў имканияты ҳәм бирлесиў имканияты. Галактика, интеллектуал касса аппараты, «клиент-банк» программасы менен нәтийжели байланысады.

«Галактика» программасына бола, кәрхана стратегиялық раўажланыў вариантларын ислеп шығыўы, жобаластырыўды шөлкемлестириўи, өнимниң өзине түсер баҳасын, жумыс ҳәм хызметлерди оператив басқарыў,үзликсиз финанслық механизм,турақлы пайданы алыў итималлығын жоқарылатыў, сыртқы партнерлар менен шәртнама қатнасларының орынланыўын қадағалаў, конкурентлик артықмашылықларды аңлай билиў, хызмет нәтийжелери бойынша сапалы анализ жүритиў, өзгертиўши тәсирлерди оператив таңлаў, персоналдың нәтийжели жумысын мотивациялаў сыяқлы бағдарлар әмелге асады.

«Галактика» системасы базасында комплекс автоматизация төмендегилерди тәмийнлейди:

- ақша ҳәм товарлардың шығып кетиўинен қорғаныў;

- барлық операцияларды протоколластырыў;

- жобаластырыўдың арнаўлы схемалары ҳәм салық салыўды минималластырыў;

-персоналлардың функционал миннетлемелерин орынланыўын қадағалаў;

-персоналдан нәтийжели пайдаланыў;

-ассортимент ямаса баҳа сиясатының өзгериси бойынша шешимлерди тезде қабыллаў;

-сатып алыўды шөлкемлестириў ямаса бийкарлаў;

-ислеп шығарыўшыларды итибарға алмастан, нызамның өзгерисине бейимлесе алыўшылық;

-басқарыў технологиясын стандартизациялаў мүмкиншилиги;

- консолидацияланған есабатларды дүзиў;

- жаңа филиалларды дүзиўде, оларға басқарыў технологиясын усыныў, артықша ғәрежетлерсиз электрон архивлерди жүритиў тийкары;

- ишки дереклерди инабатқа алмастан, қосымша ишки ресурслардан азат етиў.

«Галактика» ИС пайдаланыўшылар талабына бағдарланған, административлик басқарыў бойынша программалық комплекслерди жаратыўды тәмийинлейди.

Административ басқарыў контуры керекли модуллерден ибарат болып, ол төмендеги мәселелердиң шешилиўин тәмийинлейди:

- маркетинги басқарыў

- финанслық анализ ҳәм жобаластырыў

- кадрларды басқарыў

- хожалықлық жобаластырыў.

Бул сыпатлар корпоратив информациялық системаларды жаратыўда қол келеди.

Microsoft Dynamics AX. Microsoft Dynamics AX корпоратив информацион система-бул ERP II класының интегралластырылған системасы, экономиканың ҳәр қыйлы секторларындағы киши ҳәм ири көп тармақлы кәрханалар ушын арналған.Система ERP II идеологиясының ҳәм методологиясының барлық талабын қанаатландырады. Бул система тек рус тилине аўдарылып қалмастан, рус стандартына сәйкес исленген. Microsoft Dynamics AX системасы Россия бухгалтерлер институты сертификатына ийе.Бул қурамының методологиясы бухгалтериялық есап қағыйдаларына тийкарланып дүзилген. Microsoft Dynamics AX пүтин интеграцияланған информацион ҳәм методологиялық система тикарында кәрхананың барлық бөлимлери хызметин бирлестиреди. Қуўатлы Axapta системасының технологиялық платформасы (модуллердиң ашық коды, Morph X жаратыўдың интегралласқан орталығы, программаластырыўдың жеке объектке бағдарланған программалық тилине ийе Х++) кәрхананың барлық ишки ҳәм сыртқы бизнес процесслерин оптимизациялайды, экономикалық хызметлер нәтийжелилигин арттыра отырып, жаңа конкурентлик артықмашылықларға ерисиўди тәмийинлейди.

Система айрықша өзгешеликке ийе яғный ол кәрхананың экономикалық жағдайына қарай бейимлесиў мүмкиншилигине ийе. Демек, системаға орнатылған қураллар ҳәм инструментлер буйыртпашының бизнес-процессине қарата функционалласады. Солай екен, экономикалық мәселелердиң дурыс енгизилиўи ҳәм толық орнатылыўы өзгеше өнимниң жаратылыў мүмкиншилигин тәмийинлейди.

Соседние файлы в папке Referat