Добавил:
Опубликованный материал нарушает ваши авторские права? Сообщите нам.
Вуз: Предмет: Файл:

Referat / Калмуратов Тимур. курс иши

.doc
Скачиваний:
0
Добавлен:
27.11.2023
Размер:
209.41 Кб
Скачать

Кирисиў

1 Бөлим АИС проектлеў тийкарлары

1.1 АИС тийкарғы түсиниклери ҳәм мазмуны

1.2 АИС проектлеў

2 Бөлим АИС проектлеўде

Кирисиў

Информацион системаның заманагөй проектлери өзиниң қурамалылығы менен өзгешеленгенликтен проектлеўдиң стандарт технологиялары менен программаластырылыў олар ушын қолланылыўы мүмкин емес.

Усыған бола ИС проектлеў технологиясын тәмийинлеўши CASE-қураллар, автоматизацияның әпиуайы қураллар анализинен баслап ири көлемли ҳүжжетлестирилиўинде жүритиледи.

Курс жумысының мақсети Rational Rose CASE-қуралларды қолланыў есабынан склад есабының автоматластырылған системасын проектлеў.

Жумыс мақсети төмендеги мәселелерди белгилеп берди:

- АИС характеристикасын белгилеў

- АИС проектлеўге қаратылған усылларды қарап өтиў

- CASE қуралларға салыстырмалы характеристика бериў

- АИС проектлеўде CASE- қураллар пайдаланылыўы

- Склад есабын жүритиўде Rational Rose жәрдеминде АИС диаграммаларын жаратыў.

Жумыс барысында қолланылатуғын илимий методлар: анализ, синтез, моделлестириў.

Курс жумысының әҳмийетлилиги анық бағдарланған автоматластырылған информацион системаның программалық орынланыўы ушын UML тийкарланған диаграммаларды ислеп шығыў.

1 Бөлим. АИС проектлеў тийкарлары

1.1 АИС тийкарғы түсиниклери ҳәм мазмуны

Қәлеген қурамалы түсиникти аңлаў ушын, дәслеп усы түсиникке кириўши әпиуайы анықламаларды билиў зәрүр.Солай екен, АИС түсинигин аңлаў ушын, автоматизация, информация, система ҳәм информацион система түсиниклерине тоқтап өтемиз.

Автоматизация – Физикалық ҳәм ақлый мийнеттиң техникалық қураллар арқалы орынланыўы, бунда адам белгиленген нәтийжелиликке ерисиў ушын оларды бақлаў ҳәм эксплуатациялаў имканиятына ийе.

Информация – Қоршаған дүнья процесслери, қубылыслары, ҳәдийселери, объектлери ҳаққында жазба, аўызша ҳәм басқа усыллардағы хабарлар. XX әсирге келип информация улыўма илимий түсиник сыпатында, адамлар, адамлар менен автоматлар, автоматлар менен автоматлар арасындағы мағлыўмат алмасыў түсиниги сыпатында қәлиплести.

Информация исенимли, толық, адекват болыўы керек, яғный белгиленген сәйкеслик дәрежеде болыўы ушын қысқа, анық ҳәм түсиникли тәризде ҳәм өз ўақтында жеткерилиўи талап етиледи. Система объектлердиң белгиленген қағыйдалары бойынша өз-ара байланысқан ямаса өз-ара ҳәрекетлениўши, объект ямаса ҳәр түрли объектлер жыйындысы.

"Система – улыўма мақсети ҳәм бағдары бир болған өз-ара байланысыўшы элементлер жыйындысы.

Элементлер жыйындысы бул элементлер қурамы болып ол арқалы системаның улыўма характеристикасы тәмийинленеди.

Элементлердиң өз-ара байланыслылығы элементлер арасында4ы өз-ара байланыс қағыйдаларының қурамы

Ɵз-ара байланыслар арқалы системаның қурамалылығы белгиленеди. Ол системаның қәсийетин береди ҳәм системадағы элементлер санын анықлайды.

Системаны дүзиўде биринши мақсетли функция белгиленип, системаның алгоритмлик структурасы ҳәм функциясы ислеп шығылады.

Информацион система –Орнатылған мәселе шешими ушын мағлыўматтың топланыўы, сақланыўы, қайта ислениўи ҳәм узатылыўы ушын қолланылатуғын, қураллар, методлар ҳәм персоналлардың өз-ара байланысқан жыйындысы.

Информацион системы шешимлерди қабыллаў процессинде жүдә зәрүр себеби олар мәселени анализлеўде жәрдем берип жаңа өнимлерди жаратыўға имканият береди.

"Автоматластырылған система – персонал ҳәм автоматластырылған қураллар комплексинен ибарат система, белгиленген функциялардың орынланыўы ушын информацион технологияларды әмелге асырады

Системалар илимий бағдар сыпатында төмендегише тәртипте қаралады:

АИС ҳәр қыйлы АСБ қурамының әҳмийетли бөлеги

КАБС- кәрхананың АБС

ТП АБС- технологиялық процесслерди АБС

ТШ АБС- территориал шөлкемлерди АБС

УМАС- улыўма мәмлекетли автоматластырылған система

ЖЕАС- жобалы есаплаўлардың автоматластырыл4ан системасы

МСАС- мәмлекетлик статистиканың автоматластырылған системасы

АПС- автоматластырылған проектлеў системалары

ИИАС- илимий изертлеўлердиң автоматластырылған системалары.

АБС да есаплаў техникасы мағлыўматларды топлаў, сақлаў ҳәм қайта ислеў процессинде қолланылып қалмастан, ол басқарыў шешимлерин қабыллаўда да үлкен әҳмийетке ийе. АБС экономика-математикалық методларға, есаплаў техникасы қуралларына, мағлыўматларды алыў ҳәм узатыў қуралларына тийкарланады. Әсиресе мағлыўматтың пайда болыў орнынан алыныўы ҳәм оның атқарыўшылар менен пайдаланыўшыларға узатылыўы телекоммуникация арқалы болмаўы мүмкин емес.

АБС бул адам-машина менен орынланатуғын система, бунда мағлыўмат ҳәр қыйлы программалық-аппарат қураллары арқалы автомат тәризде топланыў ҳәм қайта ислениўи имканиятына ийе, бирақ қадағалаў функциясы менен шешимди қабыллаў адамлар ямаса адамлар топары менен орынланады.

1.2 АИС проектлеў

Системаның толық проектин ислеп шығыў, шөлкемлестириўшилик, конструкторлық, технологиялық ҳәм эксплуатацион ҳүжжетлестириў қурамының толық әмелге асырылыўы менен орынланады. Мәмлекетлик стандартларға сәйкес , автоматластырылған системаларды проектлеў бир қатар стадиялардың орынланыўы менен әмелге асады, соның ишинде: АС талапларын қәлиплестириў, АС концепциясын ислеп шығыў, техникалық шәртлерди белгилеў, эскизилик проектлеў, техникалық проектлестириў ҳәм алып барылатуғын жумыс ҳүжжетин орнатыў. АС стадиясын жаратыў стадиясы проектлеўден тысқары: АС ҳәрекетин киритиў ҳәм жүритиў бағдарларын қамтыйды. Ҳәр бир стадия этапларға бөлинеди. Проектлеў этаплары ҳәм стадиялары бойынша жумыс мазмуны;

Жумыс барысында шөлкемлестириў дизими.

Әдетте автоматластырылған информацион системаларды жаратыўда проектлеўдиң төмендеги этаплары орынланады: проектлеўден алдын изертлеў, концептуал проектлеў, эскизли проектлеў, техникалық проектлеў ҳәм жумыс барысын проектлеў.

Проектлеўден алдын изертлеў – автоматизация объектиниң қәлиплесиў өзгешеликлери ҳәм дүзилиўи ҳаққында мағлыўматлар топлаў , оның сыртқы орталық ҳәм басқа объектлер менен байланысын үйрениў, системалық анализдиң жүритилиўи, автоматизацияның мақсетли тийкарламасының техника-экономикалық мүмкиншиликлерин орнатыў ҳәм автоматластырылған системаның ислеп шығарылыўына улыўма талапларды белгилеў. Проектлеўден алдын изертлеў жумысларына, АС талапнамаларын қәлиплестириў, объектти изертлеў ҳәм АС жаратыў зәрүрлигин тийкарлаў, пайдаланыўшының АС болған талабын қәлиплестириў, Орынланған жумыслар ҳәм АС ислеп шығыў усынысын қабыллаў есабатын дүзиў, тактика-техникалық шәртлерди белгилеў стадиялары киреди.

- Концептуал проектлеў стадиясында АС концепциясы вариантлары ислеп шығылады ҳәм пайдаланыўшыны қанаатландыратуғын АС концепция вариантлары таңланады. Техникалық шәртлерди ислеп шығыў. Бул стадиядағы ҳүжжет нәтийжеси концептуал проект, яғный системаның жаратылыў программасы ҳәм ол төмендегилерге ийе:

- Автоматизация объекти менен оның қәлиплесиў орталығының дәслепки жағдайы

- автоматизация мәселесиниң тәртиби ҳәм тийкарғы мақсетлердиң берилиўи

- дүзилип атырған системаның таңланған вариантының анық шөлкемлестирилген-функционал структурасы характеристикасын келтириў.

Техника-экономикалық тийкарлама:

Информацион ҳәм лингвистик тәмийинлеў қуралларының тийкарғы талапнамалары ҳәм анық көрсетпелери;

программалық-аппарат қуралларына қойылатуғын улыўма талаплар;

системаны жаратыў этапларының анық характеристикасы ҳәм дизими

олардың орынланыў мүддетлери, орынлаўшылар қурамы ҳәм орынланыў арқалы күтилетуғын нәтийжелер;

орынланған жумыслардың баҳа көрсеткишлери

системаның ҳәм оның қурамлы бөлеклериниң техникалық шәртлери (система бөлеклери, программалық-техникалық комплекслер ҳәм қураллар,бөлек мәселелер.ҳ.т.б.).

2 Бөлим АИС проектлеўде

CASE- қураллар (Computer Aided Software/System Engineering) компьютер арқалы қәлеген системаны проектлеў имканиятына ийе.Системалы ҳәм структуралы-функционал анализдиң зәрүр элементи, CASE-қураллар бизнес процесслерди , мағлыўматлар базасын, программалық тәмийнат компонентлерин, шөлкемлестириў қурамы менен ҳәрекетин моделлестириў имканиятына ийе.Барлық хызмет тараўында қолланылыўы мүмкин.

CASE- қуралларды қолланыў нәтийжелилиги: система оптимизациясын, ғәрежетлердиң қысқартылыўын, нәтийжелиликти арттырыў, насазлық итималлықларының төменлениўин тәмийинлейди. Interface Ltd. компаниясы алдыңғы CASE-қураллар базарының жеткеши лидери ретинде, комплексли информацион ҳәм техникалық тәмийинлеў мүмкиншилигине ийе.

Computer Associates программалық өнимлери

Линейка AllFusion Modeling Suite (алдын: ERwin Modeling Suite) :

AllFusion Process Modeler (алдын: BPwin) - бизнес процесслерди моделлестириў

AllFusion ERwin Data Modeler (ранее: ERwin) -мағлыўматлар базасын ҳәм мағлыўматлар сақлағышын

AllFusion Data Model Validator (ранее: ERwin Examiner) - ERwin жаратылған, МББС структурасын ҳәм моделин

AllFusion Model Manager (ранее: ModelMart) - проектировщиклердиң топарлық ислеў орталығы

AllFusion Component Modeler (ранее: Paradigm Plus) - қолланбаларды моделлестириў ҳәм объектли кодтың генерациясы

AllFusion Modeling Suite (алдын: ERwin Modeling Suite) – CASE-қураллардың интеграцияланқан комплекси, ПТ ислеп шығарыўшы компания талабын тәмийинлейди.Бул пакет мағлыўматлар базасы, бизнес-процесслер ҳәм информацион системалардың анализи ҳәм проектлениўи ушын хызмет етеди соның менен бирге төмендеги өнимлерге ийе: AllFusion Process Modeler (ранее: BPwin) , AllFusion ERwin Data Modeler (ранее: ERwin) , AllFusion Data Model Validator (ERwin Examiner) , AllFusion Model Manager (ранее: ModelMart) , AllFusion Component Modeler (Paradigm Plus) , буларды қолланыў ғәрежетлерди қысқартып ислеп шығарыў өнимдарлығын арттырыў мүмкиншилигине ийе.

AllFusion Process Modeler (алдын: BPwin) – бизнес-процессти моделлестириўдиң әҳмийетли инструменти. Шөлкем ҳәркетин оптимизациялаў, стандартқа сәйкеслигин қадағалаў, шөлкемлестириў структурасын проектлеў, ғәрежетлерди қысқартыў, зәрүр болмаған операцияларды алып таслаў ҳәм нәтийжелиликти тәмийинлеў мүмкиншилигине ийе.Де-факто стандарты ретинде, ол моделлестириўдиң үш нотациясын тәмийинлейди: IDEF0 (АҚШ федерал стандарты), IDEF3 ҳәм DFD.

AllFusion ERwin Data Modeler (алдынмағлыўматлар базасын моделлестириў ҳәм мағлыўматлар сақлағышы қуралларының ең әҳмийетлиси. Ҳәр қыйлы түрдеги мағлыўматлар базасын проектлеў, ҳүжжетлестириў ҳәм жүритиў имканиятына ийе. МББС 20 түри ушын туўры ҳәм кери проектлеўди тәмийинлей отырып, ERwin ислеп шығарылып атырған МБ сапасын , мийнет өнимдарлығын ҳәм ислеп шығарылыў тезлигин арттырады.

AllFusion Data Model Validator (алдын: ERwin Examiner) – Erwin моделде жаратылған ҳәм мағлыўматлар базасы структурасы ушын тексериў қуралы, проектлеў насазлығы менен кемшилигин анықлайды ERwin Examiner, ERwin ниң функционаллығын толықтыра отырып, насазлықларды излеў ҳәм дүзетиўдиң қурамалы мәселелерин автоматластырады, соның менен бирге орнатылған оқытыў системасы жәрдеминде мағлыўматлар базасы проектировщигиниң қәнийгелигин арттырады.

AllFusion Model Manager (алдын: ModelMart) - ERwin ҳәм BPwin проектировщиклери топарлары ушын арналған орталық. Моделлердиң редактрлениўин ҳәм өз-ара жалғаныўын тәмийинлей отырып, проектировщиклердиң жумыс ислеў тезлигин ҳәм нәтийжелилигин жоқарылатады, ERwin (мағлыўматлар базасын моделлестириў) ҳәм BPwin (бизнес-процесслерди моделлестириў) интеграциялаўшы звеносы. Жеке серверде жайласқан моделлерди қорғайды, олар ушын доступ дәрежени белгилейди. Ал проект басқарыўшылары жумыс барысын координациялаў мүмкиншилигине ийе.

AllFusion Component Modeler (алдын: Paradigm Plus) – Жаратылған модель тийкарында қолланбаның объектли код генерациясын ҳәм программалық тәмийнат компонентин моделлестириў ушын арналған күшли CASE-қурал. Paradigm Plus бир неше стандарт нотациялар менен сәйкеслендирилген, соның менен COM/DCOM, CORBAPlus, Visibroker ,CA, Microsoft, Rational Software программалық өнимлер менен интеграцияластырылған.

Rational Rose – объектке-қарата бағдарланған информацион системаларды моделлестириў қуралы, UML моделлестириў тилнде жүритиледи. Rose информацион системаларды проектлеўдеги қәлеген мәселени шешиў имканиятына ийе: олар бизнес процесс анализинен баслап арнаўлы программаластырыў тилиндеги кодогенерацияларға шекем. Rose арқалы жоқары ҳәм төмендәрежели моделлер ислеп шығарыла отырып, абстракт ҳәм логикалық проектлеў әмелге асырылады.

2.2 Rational Rose орталығында склад есабын жүритиў

«Товарларды жеткерип бериў буйыртпасын қайта ислеў», информацион системаның предметлик областының нәтийжелери тийкарында төмендеги объектлер анықланды

Моделдиң тийкарғы анықламалары

Ɵндирислик объект

Технологиялық ҳүжжет айланысы- шөлкем ҳәркетиниң тийкарғы сферасын тәмийинлейди ҳәм белгилейди. Бундағы тийкарғы есап бирлиги Ɵндирислик объект. Бул белгиленген шәртнамаға муўапық, жумыс орынланатуғын административ объект (жай,трасса, мектеп сыяқлы) ямаса оның бөлими (этаж, километр).

Ɵндирислик объект структурасы төмендегише диаграммада анықланады:

Ɵндирислик объект базы Административлик объектте жайласқан. Административ объект атама, адрес ҳәм ийеликке ийе административ бирлик (жай, мектеп,трасса).Административ объектлер мағлыўматнамасында сақланады. Ɵндирислик процессти жобаластырыўдағы социал статус (жасаў жайы, мектеп, офис) административ объект пенен байланыслы.

Ɵндирислик объект объектте орынланатуғын жумыс шәртлерине бола белгиленеди. Ɵз нәўбетинде, өндирислик объект қурамы:

Бир ямаса бир неше жумыслардан

Ɵндирис графигинен- өндиристиң басланыўы ҳәм өндиристиң ҳәр бир этапының даўамланыўы.

материал ҳәм қурылмаларға буйыртпалар- материалларды алыўға , монтаж ислери қурылмаларына, жумысларды орынлаў механизмлерине, технологиялық жаңаландырыў қуралларына, мийнет ресурсларына талаплар.

Буйыртпашының есапласыў төлемлери- объект қурылмалары ҳәм материалларды төлеў талапнамасы бойынша төлеў.

Объект бойынша материалды алыў бойынша накладнойлар- объектте жумыстың орынланыўы ушын материалларды алыў ушын накладнойлар.

Ғәрежетлер ведомосты- Объектте жумыстың орынланыўы ушын ресурслардың қолланылыўын тастыйықлаўшы ҳүжжет.

Объект бойынша ақырғы ҳүжжетлер- анық проекттиң орынланған нәтийжелери бойынша ақырғы ҳүжжетлер (қурылыс, жеткерип бериў, оқытыў).

Технологиялық ҳүжжетайланысы

Ең жоқары дәрежеде технологиялық ҳүжжет айланысын белгилеўши, диаграмма төмендеги көринисте болады:

Шәртнаманы дүзиў этапы, тийкарынан, шәртнама ҳәм қолланба келисимин белгилейди. Келисимде, тийкарынан шөлкемлестириў хызметиниң барлығы қатнасады. Ɵндиристи тәмийинлеў шөлкемлестириў ҳәркетиниң ең қурамалы процесси. Соның менен бирге, объектте жумыстың орынланыўы проектти басқарыў көз қарасы бойынша да оғада қурамалы.

Проект-сметалық ҳүжжетлестириў шәртнама бойынша ямаса ПСҲ анықластырыўда қолланылады. Орынланған жумыслар нәтийжеси реестрге сәйкес тастыйықланады. Орынланған жумыс бойынша есабат, материал ҳәм қурылмаларды есаптан шығарыў, орынланған жумысларды реесстрге киритиў әмелинен ибарат. Соңғы этап финанслық нәтийжени анықлаў. Бизнес-функцияның қурамалы әмеллеринен бири бул орынланған жумыс нәтийжелери бойынша хызметкерлерге ис-ҳақыны есаплаў.

Ҳүжжет айланысы этапларының қурамын көрип өтемиз:

Шәртнаманы дүзиў

Этап мақсети шәртнаманы дүзиў, оның орынланыўы ушын юридикалық, экономикалық ҳәм технологиялық шәртлердиң бирлиги. Келисим процессинде шөлкемлестириў ҳәм буйыртпаның барлық қурамы бириктириледи.

Шәртнама структурасы

Шәртнама, улыўма жағдайда төмендегише структураға ийе:

Шәртнаманың тийкарғы бөлегинде тәреплер келисими, шәртнама предмети ҳәм тәреплердиң юридикалық миннетлери белгиленеди. Шәртнаманың финанслық бөлегинде шәртнама бойыншв ақшаның келип түсиўи көрсетиледи. Ɵндирислик объект- жумыс орынланып атырған объект, жумыстың орынланыў тәртиби ҳәм орынланыў мүддети мағлыўматы менен белгиленеди. Проект-сметалық ҳүжжетлестириў (ПСҲ), келиспеўшиликлерди тәртиплестириў протоколлары ҳәм Қосымша шәртлесиў бөлимлериниң қурамы. Шәртнаманы дүзиў процессиниң диаграммасы

Процессте тийкарғы орын шәртнама кураторына тийисли. Ол тийкарынан қадағалаў функциясын атқарады ҳәм шәртнама ҳүжжети келисиминде белгиленген бөлимлер қатнасыўшылар сәйкеслигин тәмийинлейди. Куратордан басқа процессте төмендеги тәреплер қатнасады?

- ПТО – жумыстың орынланыўы бойынша шөлкемлестириў мүмкиншиликлерин белгилейди, орынланыў мүддетин қадағалаў ҳәм объектлер бойынша өндирислик қу6атлылықтың қолланылыўын жобаластырады.

Юрист – Шәртнаманың юридикалық аспектлерин қадағалайды. Экономикалық топар хызметкери- шәртнама бойынша жумыстың финанслық көлемин ҳәм орынланыў тәртибин қадағалайды.

Участка баслығы- Белгиленген мүддет бойынша жумыстың орынланыўы ҳәм талап етилген материал ҳәм қурылмалар мүмкиншилигин анықлайды.

Маркетинг ҳәм тәмийнат бөлими- жумыстың орынланыўы ушын материал ҳәм қурылмалар номенклатурасын оптимизациялайды. Жеткерип бериў мүмкиншилигин ҳәм баҳасын баҳалайды.

Кесип алып ислеши өндирис участкасы- кәрхана күши менен таярланатуғын, материал ҳәм қурылмалар өндирисиниң алдын ала жобасын қәлиплестиреди.

Буйыртпашы- Шәртнама ҳүжжетин тастыйықлаўда ҳәм оның юридикалық тәрептен ҳүжжетлестирилиўинде қатнасады.

Шөлкемлестириў баслығы шәртнама талабын талап етеди ҳәм процесс соңында жуўмақластырады.

Шәртнама бойынша мағлыўматлар информацион, өндирислик ҳәм экономикалық анализ тийкарында дүзилген форматта сақланады.Буйыртпа мағлыўматлары, шәртнама түри, административ объект бойынша белгилениў, жумыс түрлери сәйкес мағлыўматнамаларда сақланады ҳәм технологиялық процесс ҳүжжетлерин қәлиплестириўде қолланылады.

Ɵндиристиң тәмийинлениўи Обеспечение производства

«Ɵндиристиң тәмийинлениў» процессиниң мақсети шәртнаманың белгиленген участкасының , материал ҳәм қурылмалар менен өз ўақтында тәмийинлениўи

Жуўмақлаў

Курс жумысын орынлаў нәтийжесинде төмендеги нәтийжелер алынды. Ҳәр қыйлы формал методлар тийкарында мәселе шешимин анықлаў, мәселе шешиминиң локаллығына, шекленгенлигине, ҳәм байланыссызлыққа алып келеди. Бундай қубылыслар қурамалы автоматластырылған системаларды дүзиўдиң системаластырылған методларын дүзиўди талап етеди ҳәм информатиканың кибернетика бағдарының раўажланыў әҳмийетлилигин арттырады- когнитология, семиотика.ҳ.б.

ИС ислеп шығыўда анализ ҳәм проектлеў этаплары оғада қурамалы, сонлықтан CASE-қураллар қабылланған техник шешимлердиң сапасын тәмийинлейди ҳәм проектлик ҳүжжеттиң таярланыўын әмелге асырады. Бул шәртлерде мағлыўматты визуал көрсетиў методлары жүдә әҳмийетке ийе. Бул қурал арқалы ҳақықый ўақыт бирлиги бойынша структуралық ҳәм басқада диаграммалардың дүзилиўи орынланады, синтаксислик қағыйдалардың аралық бақланыўы ушын реңли палитралардың қолланылыўы процессти айқынластырыў бағдарын береди. Предметлик областты моделлестириўдиң графикалық қураллары ИС көргизбели тәризде үйрениў имканын жаратады, оны белгиленген мақсетке сәйкес қайта орнатады

Әдебиятлар

Банк В.С., Зверев В.С. Информационные технологии в экономике, - 2003

Грабауров В.А. Информационные технологии для менеджеров. - М., 2004

Климова Р.Н., Сорокина М.В., Хахаев И.А., Мошенский С.А. Информатика торговой фирмы / Учебное пособие. Для студентов всех специальностей всех форм обучения. - СП б.: СПбТЭИ, 1998. - 32с.

Компьютерные технологии обработки информации. /Под ред. Назарова С.И. - М.: Финансы и статистика, 1996.

Симионов Ю.Ф. Информационные технологии в экономике. - М., 2003

Советов Я.Б. Информационные технологии: учебник для вузов. - М., 2003

Титоренко Г.А. Информационные технологии управления. - М., 2003

Фридланд А. Информатика - толковый словарь основных терминов. - Москва, Приор, 1998.

Шафрин Ю. Информационные технологии, - М., ООО" Лаборатория базовых знаний”, 1998.

Основные понятия и определения АИС [Электронный ресурс]. - Электронные данные. - Режим доступа: http://www.mkgt.ru/files/materials/1000/p1-1.html

Проектирование АИС [Электронный ресурс]. - Электронные данные. - Режим доступа: http://www.gpntb.ru/win/book/2/Doc9.html

Размещено на Allbest.ru

Соседние файлы в папке Referat