Добавил:
Опубликованный материал нарушает ваши авторские права? Сообщите нам.
Вуз: Предмет: Файл:
Referat / Жорабеков Т.doc
Скачиваний:
1
Добавлен:
27.11.2023
Размер:
186.88 Кб
Скачать

Жобасы

    1. Информацион системаларды проектлеў ҳәм анализлеў усыллары.

    2. Объектке-бағдарланған усылдың мәниси.

    3. Объектке-бағдарланған усылдың тийкарғы қурамлары.

    4. Объектке-бағдарланған усылдың артықмашылықлары.

    1. Информацион системаларды проектлеў ҳәм анализлеў усыллары

Информацион системаларды проектлеўдиң ҳәм анализлеўдиң кеңнен белгили болған еки усылы бар екенлиги анық: структуралы ҳәм объектке-бағдарланған. Бул усыллардың бир биринен өзгешелиги, система элементлерин (компонент,модуллер) шөлкемлестириў қурамы ҳәм декомпозиция принциплеринде.

Усы принциплерге сәйкес, система өз-ара байланысқан анық модуллерден қуралған қурамға ийе.

Структуралық усылды қолланыўда (декомпозицияның биринши түри) системаның функционал (процедуралы, алгоритмлик) декомпозициясы орынланады яғный ол өз-ара байланысқан иерархия (терек) түринде бериледи.Ең жоқары дәрежеде система пүтин бир абстракциялық дәрежеде усынылады ҳәм детализация шәрти ( дәрежелердиң қосылыўы) бойынша анық мазмунлы функционал компонентлерге бөлинеди.

Декомпозицияның екинши түри- объектке-бағдарланған.Бул усыл шегарасында система, хабарларды узатыў арқалы өз-ара байланысыўшы, ҳақықый дүнья объектлерине сәйкес, объектлер қурамына бөлинеди.

Екинши айырмашылығы объектке атрибутив мағлыўматлар сыяқлы (характеристикалар,қәсийетлер) базы қәделер ( функциялар, методлар) де бириктириледи.

Функционал- бағдарлы системаларда функция ҳәм мағлыўматлар бөлек тәртипте сақланады.

Еки усылдың үшинши айырмашылығы системаның ишки модулиндеги структуралы дүзилислер. Структуралы усылда, модуль композиция қатнасы арқалы иерархиялық байланысқан функциялардан турады (инглис. . part-of –бөлек-пүтин) яғный функция киши функциялардан ал киши функциялар және киши функцияларға бөлинеди. Объектке-бағдарланған усылда иерархия еки қатнас тийкарында орнатылады: композиция ҳәм даўамланыўшы қатнас. Бунда объектке-бағдарланған усылда "объект-бөлек" бир неше "объектлер-пүтинлигине" киритилиўи мүмкин. Солай етип, структуралы усылда модуль терек көринисинде бериледи ,ал объектке бағдарланған усылда- бағдарланған бағана түринде яғный улыўмалық структура жәрдеминде.

Объектке бағдарланған усылды қолланыў арқалы информацион системаларды проектлеўде қолланылатуғын белгили методологиялардан

- (Unified Process, UP) унификацияланған процесси;

- (eXtreme Programming, XP) экстремал дәстүрлеў;

- (Agile Modeling, AM) бейимлесиўши моделлестириў.

1.2. Объектке-бағдарланған усылдың мазмуны

"Объект" термини ямаса оның эквивалент түсиниклери компьютер менен байланыслы болған, бир бирине ғәрезсиз тараўларда пайда болды;

- компьютерлер архитектурасы (Burroughs 5000, Plessey 250, IBM System/38, Intel 432);

- объектке-қаратылған операцион системаларда (Plessey/System 250, Secure UNIX, StarOS,  iMax);

- дәстүрлеўдиң объектке-қаратылған тиллеринде (Simula, Smalltalk, Modula);

- мағлыўматлар базасы теориясы ( "мазмун-байланыс" модели);

- жасалма интеллект системалары (фреймлер).

Программалық тәмийнатты ислеп шығыўда "объект" термини биринши рет Simula 67 тилинде киритилип ол предметлик областтың мазмунын моделлестириўге бейимлестирилген.

Объект- ҳақықый ямаса қыялый барлықтың анық концептуал белгилери, жағдайы ҳәм қәсийетлери арқалы берилетуғын абстракция.

Абстракция- (лат. abstractio – улыўмалық)- предметтиң қәсийети ҳәм байланысына тийкарланған аңлаў формасы ҳәм оның қәсийетлери менен байланысының басқалардан айырмашылығы. Бунда "барлық" ҳәм "пүтинлик" шешилип атырған мәселе көз қарасынан қаралады.

Объектке-қаратылған усылда абстракция- бул барлықтың қәсийетин ҳәм жағдайын көрсетиўши модель.

Ҳақықый барлық мысалына ( физикалық, сезиў) поезд, бағдарлаўшы қурам ямаса жолды көрсетиўши инженер киреди, ал қыялый барлыққа жолдың капитал ремонтын өткериў ямаса поезддың оптимал траекториясын белгилеў ( режим ҳәм тезликтиң поезддиң белгиленген орындағы жағдайына байланыслылығы).

Жеккелик- барлық қәсийети, ол арқалы предметлер бир биринен айрықшаланады яғный биз мысал етип алған "поезд" объекти улыўмалық түсиник сыпатында берилмеген ал анық белгилерге ийе қурам ретинде сүўретленген.Соның менен бирге шешилип атырған мәселе көз қарасы бойынша абстракция дәрежеси жүдә жоқары болыўы да мүмкин.Мысалы, поездың ҳәрекетлениўинде тартыў ҳалатын орынланыўында поездың анық серия номерлери ҳаққында мағлыўмат талап етилмейди яғный электровозлардың бир биринен өзгешелигин көрип өтиў зәрүрлиги болмайды.

Объектке-бағдарланған усылда бир түрдеги объектлерди концептуал группалаў ушын "класс" түсиниги қолланылады. Класс- бул улыўмалық қурамға ҳәм жағдайға ийе объектлер көплиги яғный класс шаблон, оның тийкарында бир түрдеги объектлер генерацияланады. "Объект" түсиниги синонимии сыпатында көбинесе " класс экземпляры" түсиниги қолланылады.

Ҳәр бир класс ҳәм объект атрибутлар ҳәм методлар қурамынан ибарат. Атрибутлардың көрсеткишлери объект жағдайын белгилейди. Методлар қурамы менен алгоритмлик орынланыўы объект жағдайын белгилейди ( объектлер класын).

Объектке-бағдарланған усылда проектлеў принциплери ҳәм механизмлери белгиленген тәртипте орынланып барады.

Даўамлаў- классқа қарата белгилейтуғын болсақ, ийелеўши класс (қысқа категория) улыўмалық класстың барлық атрибутлары менен методларын өзине қамтыйды. Бунда ийелик класында қосымша атрибутлар менен методлар белгилениўи мүмкин. Мысалы, ийелеўши класс "айлана" улыўмалық класстан "геометриялық фигура" атрибутын қабыллайды .

Инкапсуляция (информацион туйықлық)- система элементлериниң ишки қурылмасы қурамы бир биринен жасырын тәризде қуралады. Бул принципте система объектлери арасындағы мағлыўмат алмасыў минимал көлемде белгиленеди, бунда объектлер методы менен атрибутларына байланысыўда басқа объектлерге қарата жасырын сақланады.

Полиморфизм – Модель элементлериниң дүзилис принципи, форма ҳәм ҳалаты ол жағдайға қарата қабылланады. Мысалы, draw() (сүўрет салыў) ямаса calculateS() (майданды есаплаў) методлары "айлана" ҳәм "ромб" класында қолланылғанда атрибут ҳәм методларды улыўмалық класстан "фигурадан" алады, ал алгоритмлик тәртипте түрлиши орынланады.

Соседние файлы в папке Referat